«Өзбекистан Республикасына мийнети сиңген авиация хызметкери» ҳүрметли атағы
«Өзбекистан Республикасынa мийнети сиңген авиация хызметкери» ҳүрметли атағы ҳаўа транспортын раўажландырыўдa, заманагөй авиация техникасын өзлестириўде, халыққа ҳәм республика халық хожалығына үлгили хызмет көрсетиўди шөлкемлестириўде айрықша мийнети сиңген пуқара авиация хызметкерлери ҳәм қәнигелерине бериледи.
«Өзбекистан Республикасынa мийнети сиңген байланыс хызметкери» ҳүрметли атағы
«Өзбекистан Республикасынa мийнети сиңген байланыс хызметкери» ҳүрметли атағы байланыс қуралларын раўажландырыў ҳәм жетилистириўде, республиканың халық хожалығына ҳәм халқына байланыстың барлық түрлери менен үлгили хызмет көрсетиў, жумысын шөлкемлестириўде айрықша мийнети сиңген байланыс хызметкерлерине бериледи.
«Өзбекистан Республикасының халық бақсысы» ҳүрметли атағы
«Өзбекистан Республикасының халық бақсысы» ҳүрметли атағы бақсышылық көркем өнерин және де раўажландырыўдағы, миллий қәдриятларымызды қәдирлеў ҳәм өзбек халық аўызеки дөретпелерин кеңнен үгит-нәсиятлаўдағы, өзиниң дөретиўшилиги ҳәм атқарыўшылық жумысы менен халықымызды, әсиресе жасларды көп мың жыллық мәдениятымыз бенен таныстырыўдағы және &атан ғәрезсизлиги ҳәм мәртебесин улығлаў жолындағы салмақлы үлеси ушын Өзбекистан Республикасының пуқараларына бериледи.
«Өзбекистан Республикасының халық жазыўшысы» ҳүрметли атағы
«Өзбекистан Республикасының халық жазыўшысы» ҳүрметли атағы әдебиятты раўажландырыўда айрықша мийнети сиңген, халық тәрепинен кеңнен тән алынған жоқары көркем шығармалар дөреткен жазыўшыларға, драматурглар, сыншылар ҳәм әдебияттаныўшы илимпазларға бериледи.
«Өзбекистан Республикасынa мийнети сиңген журналист» ҳүрметли атағы
«Өзбекистан Республикасынa мийнети сиңген журналист» ҳүрметли атағы газета ҳәм журналлар редакцияларының, телевидение ҳәм радио еситтириў, хабар агентликлериниң баспа сөзди раўажландырыўдағы үлкен хызмети, дөретиўшиликте ҳәм шөлкемлестириўшилик жумысында айрықша өрнек көрсеткен журналистлерге, баспалар, басқа да шөлкемлердиң мине усындай хызметкерлерине бериледи.
«Өзбекистан Республикасынa мийнети сиңген экономист» ҳүрметли атағы
«Өзбекистан Республикасынa мийнети сиңген экономист» ҳүрметли атағы халық хожалығындағы бәрше тармақлардың экономиканы көтериўде айрықша мийнети сиңген жоқары маманлықтағы экономистлерине ҳәм бухгалтерия есабы хызметкерлерине бериледи.
«Өзбекистан Республикасынa мийнети сиңген ирригатор» ҳүрметли атағы
«Өзбекистан Республикасынa мийнети сиңген ирригатор» ҳүрметли атағы суў хожалығы, қурылыс, жойбар, илимий-изертлеў ҳәм басқа да шөлкемлердиң суў хожалығы объектлерин қурыў және олардан пайдаланыў менен шуғылланатуғын ҳәм суў хожалығын және суўғарылатуғын дийқаншылықты раўажландырыўда, сондай-ақ, республика тәбиятын қорғаўда айрықша мийнети сиңген хызметкерлерге бериледи.
«Өзбекистан ифтихори» ҳүрметли атағы
«Өзбекистан ифтихори» ҳүрметли атағы жәҳән чемпирнатларында, Олимпиада ойынларында ҳәм усыларға тең жәҳән спорт әнжуманларында жеңимпазлық, чемпионлық атағына ерискен және өз табыслары менен &атан абыройын ҳәм мәртебесин улығлаўға жәрдемлескен Өзбекистан Республикасының пуқараларына бериледи.
«Өзбекистан Республикасынa мийнети сиңген ойлап табыўшы ҳәм рационализатор» ҳүрметли атағы
«Өзбекистан Республикасынa мийнети сиңген ойлап табыўшы ҳәм рационализатор» ҳүрметли атағы халық хожалығына енгизилген ҳәм үлкен экономикалық нәтийже берген ойлап табылыўлар және рационализаторлық усыныслардың авторларына, сондай-ақ, ойлап табыўшылық ҳәм рационализаторлықты раўажландырыўдa, ойлап табылыўлар ҳәм рационализаторлық усынысларды өндириске енгизиўде мийнети сиңген шахсларға бериледи.
«Өзбекистан Республикасынa мийнети сиңген коммуналлық, турмыс ҳәм саўда саласы хызметкери» ҳүрметли атағы
«Өзбекистан Республикасынa мийнети сиңген коммуналлық, турмыс ҳәм саўда саласы хызметкери» ҳүрметли атағы турақ жай коммунал хожалығы, халыққа турмыс хызметин көрсетиў, саўда ҳәм улыўма аўқатланыў кәрханалары, бирлеспе, шөлкем және мәкемелердиң халыққа хызмет көрсетиў жумысын жақсылаўда айрықша мийнети сиңген хызметкерлерге бериледи.
«Өзбекистан Республикасынa мийнети сиңген аўыл хожалығы хызметкери» ҳүрметли атағы
«Өзбекистан Республикасынa мийнети сиңген аўыл хожалығы хызметкери» ҳүрметли атағы аўыл хожалығы өндириси саласының, аўыл хожалық илимий-изертлеў мәкемелери ҳәм оқыў орынларының аўыл хожалығын раўажландырыўдa айрықша мийнети сиңген хызметкерлерге бериледи.
«Өзбекистан Республикасынa мийнети сиңген қурылысшы» ҳүрметли атағы
«Өзбекистан Республикасынa мийнети сиңген қурылысшы» ҳүрметли атағы қурылыс, монтаж ҳәм жойбарлаў шөлкемлериниң, илимий-изертлеў ҳәм басқа да мәкемелердиң республикада қурылысты және қурылыс индустриясын раўажландырыўдa айрықша мийнети сиңген хызметкерлерине бериледи.
«Өзбекистан Республикасынa мийнети сиңген мәденият хызметкери» ҳүрметли атағы
«Өзбекистан Республикасынa мийнети сиңген мәденият хызметкери» ҳүрметли атағы мәдений-ағартыўшылық мәкемелери, телевидение, радио, баспа сөз, баспалар, тарийх ҳәм мәдений естеликлерди корғаў хызметкерлерине, сондай-ақ, мәдениятты раўажландырыўға айрықша мийнети сиңген шахсларға бериледи.
«Өзбекистан Республикасынa мийнети сиңген архитектор» ҳүрметли атағы
«Өзбекистан Республикасынa мийнети сиңген архитектор» ҳүрметли атағы миллий архитектураны, қала қурылысын раўажландырыўғa, заманагөй пуқаралық, санаат ҳәм аўыллық архитектура комплекслерин, имаратларын жаратыўда, сондай-ақ, республикада архитектуралық естеликлерди оңлаў саласында мийнети сиңген жоқары маманлықтағы архитекторларға бериледи.
«Өзбекистан Республикасынa мийнети сиңген пахтакеш» ҳүрметли атағы
«Өзбекистан Республикасынa мийнети сиңген пахтакеш» ҳүрметли атағы пахташылықты раўажландырыўда айрықша мийнети сиңген хызметкерлерге, сондай-ақ, басқа да щахсларға бериледи.
«Өзбекистан Республикасынa мийнети сиңген пиллекеш» ҳүрметли атағы
«Өзбекистан Республикасынa мийнети сиңген пиллекеш» ҳүрметли атағы жәмийетлик, акционерлик, дийқан, ижара, жеке меншик ҳәм басқа да түрдеги хожалықлардың, кәрханалардың, оқыў орынлары, илимий-изертлеў ҳәм тәжирийбе мәкемелериниң пиллешиликти раўажландырыўғa айрықша мийнети сиңген хызметкерлерге, сондай-ақ, басқа да шахсларға бериледи.
«Өзбекистан Республикасының халық художниги» ҳүрметли атағы
«Өзбекистан Республикасының халық художниги» ҳүрметли атағы белгили сүўретлеў көркем өнери ғайраткерлерине реңлерде сүўретлеў, графика, мүсиншилик, әмелий-декоратив, театр ҳәм кино көркем өнерин раўажландырыўдағы айрықша хызметлери ушын бериледи.
«Өзбекистан Республикасынa мийнети сиңген санаат хызметкери» ҳүрметли атағы
«Өзбекистан Республикасынa мийнети сиңген санаат хызметкери» ҳүрметли атағы санаат бирлеспелери ҳәм кәрханалардың илимий-изертлеў және жойбар-конструкторлық мәкемелериниң республика санаатын раўажландырыўдa айрықша мийнети сиңген хызметкерлерге бериледи.
«Өзбекистан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери» ҳүрметли атағы
«Өзбекистан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери» ҳүрметли атағы жоқары көркем шығармалар жаратқан, республикада әдебият ҳәм көркем өнерди раўажландырыўда, дөретиўши кадрларды таярлаўда ҳәм тәрбиялаўда мийнети сиңген режиссёрларға, композиторларға, дирижёрларға, балетмейстерлерге, музыка, хор, аяқ ойын ҳәм басқа да көркем өнер топарларының басшыларына, мәденият ҳәм көркем өнер оқыў орынларының муғаллимлерине, сүўретлеў өнери, нағыс ойыў, гилем тоқыў ҳәм халық дөретиўшилигиниң басқа да түрлеринде әжайып шығармалар жаратқан халық усталарына бериледи.
« Өзбекистан Республикасынa мийнети сиңген денсаўлықты сақлаў хызметкери» ҳүрметли атағы
«Өзбекистан Республикасынa мийнети сиңген денсаўлықты сақлаў хызметкери» ҳүрметли атағы илимий-изетрлеў, емлеў-профилактика, санитария-эпидемиология ҳәм фармацевтика мәкемелериниң саламатлықты сақлаўды раўажландырыўғa ҳәм медициналық хызметти шөлкемлестириў және республика халқының денсаўлығын қорғаўда айрықша мийнети сиңген хызметкерлерге, соның ишинде, орта ҳәм киши буўын медицина хызметкерлерине бериледи.
«Өзбекистан Республикасынa мийнети сиңген спорт устазы» ҳүрметли атағы
«Өзбекистан Республикасынa мийнети сиңген спорт устазы» ҳүрметли атағы Олимпиада ҳәм Азия ойынларының, жәҳән, Азия чемпионатларының, бириншиликлериниң, A топарындағы басқа да халықaралық жарыслардың, Олимпиада алды ойынларының ямаса майыплар арасындағы улыўма жер жүзилик чемпионатлардың чемпионлары ҳәм сыйлы орын ийелерин таярлаған, сондай-ақ, физикалық тәрбия ҳәм спортты раўажландырыўғa айрықша мийнети сиңген тренерлерге бериледи.
«Өзбекистан Республикасынa мийнети сиңген спортшы» ҳүрметли атағы
«Өзбекистан Республикасынa мийнети сиңген спортшы» ҳүрметли атағы жәҳәң чемпионлары және рекордшыларына, Олимпиада ҳәм Азия ойынларының жеңимпазларына, сондай-ақ, спорт жарысларында жоқары нәтийжелерге ерискен басқа да спортшыларға бериледи.
«Өзбекистан Республикасынa мийнети сиңген транспорт хызметкери» ҳүрметли атағы
«Өзбекистан Республикасынa мийнети сиңген транспорт хызметкери» ҳүрметли атағы автомобиль, темир жол, ҳаўа, дәрья, қала транспорты, жол қурылысы ҳәм олардан пайдаланыў, оқыў орынлары, илимий-изертлеў мәкемелери, жойбарлаў шөлкемлериниң, сондай-ақ, басқа да транспорт кәрханаларының республика транспортын раўажландырыўдa, транспорт қуралларынан пайдаланыўдың нәтийжелилигин арттырыўда, жоллар қурыў ҳәм олардан пайдаланыўда айрықша мийнети сиңген хызметкерлерге бериледи.
«Өзбекистан Республикасының халық муғаллими» ҳүрметли атағы
«Өзбекистан Республикасының халық муғаллими» ҳүрметли атағы балалар хәм жасларға талим-тәрбия бериўде, халық билимлендириўин раўажландырыў жумысында айрықша мийнети сиңген барлық түрдеги улыўма билим бериў мектеплериниң оқытыўшыларына, жоқары, орта арнаўлы оқыў орынларына, кәсип-өнер техника билим бериў мәкемелериниң муғаллимлерине, халық билимлендириў системасындағы оқыў-тәрбия, методика ҳәм басқа да мәкемелердиң хызметкерлерине бериледи.
«Өзбекистан Республикасының халық устасы» ҳүрметли атағы
«Өзбекистан Республикасының халық устасы» ҳүрметли атағы халық көркем өнерментшилиги ҳәм әмелий көркем өнерди раўажландырыўдa айрықша мийнети сиңген халық усталарына олардың миллий мәдениятты буннан былай да раўажландырыў ҳәм талантлы жасларды таярлаўға қосқан үлеси ушын бериледи.
«Өзбекистан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери» ҳүрметли атағы
«Өзбекистан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери» ҳүрметли атағы илимпазларға илим ҳәм техника саласындағы күтә қымбатлы шығармалары, ашылыў ҳәм ойлап табыўлары ушын, Илим ҳәм техниканы раўажландырыўдағы, оның табысларын үгит-нәсиятлаўдағы, республиканың халық хожалығы ушын илимий кадрлар ҳәм жоқары маманлықтағы қәнигелер таярлаўдағы хызметлери ушын бериледи.
« Өзбекистан Республикасының халық артисти» ҳүрметли атағы
«Өзбекистан Республикасының халық артисти» ҳүрметли атағы белгили көркем өнер ғайраткерлерине театр, музыка, кино, эстрада, цирк, телевидение ҳәм радио еситтириўди раўажландырыўдағы, республикада дөретиўши кадрларды таярлаў ҳәм тәрбиялаўдағы айрықша хызметлери ушын бериледи.
«Өзбекистан Республикасынa мийнети сиңген халық билимлендириўи хызметкери» ҳүрметли атағы
«Өзбекистан Республикасынa мийнети сиңген халық билимлендириўи хызметкери» ҳүрметли атағы бәрше түрдеги улыўма билим бериў мектеплериниң, жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларының, өнер-техника билим журтларының, мектепке шекемги тәрбия балалар мәкемелери ҳәм мектептен тысқары мәкемелердиң, оқытыўшылардың маманлығын арттырыў менен шуғылланатуғын методикалық кабинетлер, курслар ҳәм институтлардың республика халық билимлендириўин раўажландырыўдa айрықша мийнети сиңген хызметкерлерге, сондай-ақ, халық билимлендириўиниң басқа да мәкемелериниң мине усындай хызметкерлерине бериледи.
«Өзбекистан Республикасына мийнети сиңген артист» ҳүрметли атағы
«Өзбекистан Республикасынa мийнети сиңген артист» ҳүрметли атағы республикада көркем өнерди раўажландырыўдa, дөретиўши кадрларды таярлаў ҳәм тәрбиялаўда мийнети сиңген театр, кино, эстрада, цирк, телевидение ҳәм радио еситтириў артистлери менен режиссёрларына, музыка атқарыўшылары ҳәм қосықшыларына, балетмейстерлерге, оркестр ҳәм хор дирижёрларына, музыка ҳәм басқа да көркем топарлардың басшыларына бериледи.
«Өзбекистан Республикасынa мийнети сиңген жаслар устазы» ҳүрметли атағы
«Өзбекистан Республикасынa мийнети сиңген жаслар устазы» ҳүрметли атағы жасларға кәсиплик шеберлигин үйретиўде, мийнетке ҳадал ҳәм ҳүждан менен қатнаста болыўды, жоқары ўатансүйиўшилик ҳәм әдеп-икрамлылық пазыйлетлерин тәрбиялаўда айрықша мийнети сиңген халық хожалығы хызметкерлери ҳәм қәнигелерине бериледи.
« Өзбекистан Республикасының халық жыраўы» ҳүрметли атағы
«Өзбекистан Республикасының халық жыраўы» ҳүрметли атағы қосықшыларға жоқары дөретиўшилик шеберлиги, Өзбекистан классик музыка мийрасын ҳәм музыкалық көркем өнердиң дәстүрий түрлерин өзлестиргени ҳәм раўажландырғаны, белсене үгит-нәсиятлағаны ушын бериледи.
«Өзбекистан Республикасынa мийнети сиңген шарўа» ҳүрметли атағы
«Өзбекистан Республикасына мийнети сиңген шарўа» ҳүрметли атағы жәмийет, акционерлик, дийқан, ижара, жеке меншик ҳәм басқа да түрдеги хожалықлардың, сондай-ақ, оқыў орынлары, илимий-изертлеў ҳәм зооветеринария мәкемелериниң, жойбарлаў шөлкемлериниң шарўашылықты раўажландырыўға үлкен үлес қосқан хызметкерлерине бериледи.
«Өзбекистан Республикасының халық шайыры» ҳүрметли атағы
«Өзбекистан Республикасының халық шайыры» ҳүрметли атағы әдебиятты раўажландырыўдa айрықша мийнети сиңген, республикада ҳәм оның шегараларынан тысқарыда дүньяға белгили болған жоқары көркем шығармалар жаратқан шайырларға бериледи.
«Өзбекистан Республикасынa мийнети сиңген юрист» ҳүрметли атағы
«Өзбекистан Республикасынa мийнети сиңген юрист» ҳүрметли атағы нызамшылықты раўажландырыўдa, нызамлылық ҳәм ҳуқық-қорғаўды беккемлеўде, халық хожалығында ҳуқыкый жумысты жақсылаўда, ҳуқық илимин раўажландырыў ҳәм юридикалық кадрларды таярлаўда айрықша мийнети сиңген жоқары маманлықтағы юристлерге бериледи.