Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекистан Республикасы Президенти Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
2017-01-27 | Сиясат
Уллы Мәртебели Мырза!
Сизге Япония ҳәм Өзбекистан Республикасы арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 25 жыллығы мүнәсибети менен шын жүректен қутлықлаўымды жоллаўға рухсат еткейсиз.
Өзбекистан ғәрезсизликке ерискен күннен баслап еллеримиз арасындағы дослық байланыслары избе-из рараўжланып бармақта.
2015-жыл октябрь айында, Япония Бас министри елиңизге соңғы сапарынан 9 жыл өтип, мен Бас министр сыпатында Өзбекистанға сапар етип келген едим. Өзбекистанның Биринши Президенти Ислам Кәримов пенен сөйлесиўлеримиз оғада нәтийжели болған, биз түрли тараўларда бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў зәрүрлиги ҳаққында айқын пикирге келген едик.
Елиңизге сапарым даўамында Бас министр сыпатында маған барқулла жолдас болғаныңыз ҳәм жоқары дәрежедеги миймандослық ушын Сизге шын жүректен миннетдаршылық билдиремен. Соны қанаатланыўшылық пенен атап өтпекшимен, бул сапар етиў Өзбекистан ҳәм Япония арасындағы қатнасықларға және де жедел пәт бағышлады, ерисилген келисимлер еллеримиз арасындағы кең көлемли бирге ислесиўди жеделлестириўге хызмет етпекте.
Мен тек ғана сиясат ҳәм экономика бағдарындағы қатнасықларды раўажландырыўға емес, бәлким түрли тараўларда, соның ишинде, мәденият ҳәм илим салаларында да Өзбекистан менен дослық байланысларын беккемлеў ушын буннан былай да бар имканияларымды жумсаўға таярман.
Диполматиялық қатнасықларымыз орнатылғанына 25 жыл толыўы мүнәсибети менен Өзбекистан ҳәм Японияның бирге ислесиўи буннан былай да раўажланатуғынына, халықларымыз арасындағы дослық қатнасықлары және де кеңейетуғынына исеним билдиремен.
Сиз, Уллы Мәртебели Мырза менен «Орайлық Азия + Япония» сөйлесиўи шеңберинде де жедел бирге ислесиўден үмит етемен.
Сизге, Уллы Мәртебели Мырза, беккем денсаўлық, жумысыңызда табыслар, Өзбекистан халқына бахыт-ығбал ҳәм абаданлық тилеўге рухсат еткейсиз.
Шын жүректен шыққан ҳүрмет пенен,
Синдзо АБЭ,
Япония Бас министри