Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ОРАЙЛЫҚ САЙЛАЎ КОМИССИЯСЫ ПРЕЗИДЕНТ САЙЛАЎЫНЫҢ АҒЫМДАҒЫ ЖУЎМАҚЛАРЫН ЖӘРИЯЛАДЫ
2016-12-04 | Cайлаў
Өзбекистан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы 2016-жыл 4-декабрь күни болып өткен Президент сайлаўында даўыс бериўдиң ағымдағы жуўмақларын жәриялады.
4-декабрь күни Ташкент ўақты менен саат 20 да Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаўды өткериўши сайлаў участкаларында даўыс бериў жуўмақланды.
Дәслепки мағлыўматларға бола, сайлаўда 17 миллион 941 мыңнан аслам сайлаўшы қатнасты. Бул жәми сайлаўшылардың 87,8 процентинен асламын қурайды.
Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы М.Абдусаломов Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаўды сәўлелендириў бойынша Республикалық баспасөз орайында халықаралық бақлаўшылар, елимиздиң ҳәм сырт елдиң ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын өткерилген брифингте бул туўралы мәлим етти.
Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаў Өзбекистан Республикасы Конституциясы, «Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаў ҳаққында», «Пуқаралардың сайлаў ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында»ғы нызамларда беккемленген халықаралық демократиялық нормалар менен принциплерге әмел етилген ҳалда ашық-айдын ҳәм жәриялылық түрде өткени атап өтилди.
Елимиз пуқаралары сайлаўда жоқары сиясий ҳәм пуқаралық белсендилигин көрсетти. Саат 11 ге шекем сайлаўшылардың 33 процентинен асламы даўыс бериўге қатнасқаны буның айқын дәлили болып табылады.
Даўысларды санап шығыўда сайлаў участкаларында сиясий партиялардан 37 мыңнан аслам бақлаўшы, халықаралық бақлаўшылар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Сайлаў даўамында орынлардан сайлаў нызамшылығы бузылғаны туўралы хабар келип түспеди.
5-декабрь күни болып өтетуғын брифингте Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаўдың дәслепки нәтийжелери жәрияланады. Усы күни халықаралық бақлаўшылар миссиялары да баспасөз әнжуманларын өткереди.