Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ӨЗБЕКИСТАН ПРЕЗИДЕНТЛИГИНЕ ТАЛАБАН САРВАР ОТАМУРАТОВ САЙЛАЎДА ДАЎЫС БЕРДИ
2016-12-04 | Cайлаў
Өзбекистан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясынан Өзбекистан Республикасы Президентлигине талабан Сарвар Отамурадов 4-декабрь күни Ташкент қаласындағы 584-сайлаў участкасында даўыс берди.
Ғәрезсизликтиң мәниси ҳәм нәтийжеси, бәринен бурын, елимизде инсан ҳуқықлары менен мәплери әмелде толық тәмийинленгенинде көринеди. Биринши Президентимиз Ислам Кәримов халқымыздың абыройын тиклеў, дүньяда қүдиретли мәмлекетке тийкар салыў, тынышлық, дөретиўшилик, турақлылық ҳәм абаданлық жолында гүресиўдей қыйын және жуўапкерли ўазыйпаларды орынлаўда бас-қас болды. Елимиздиң раўажланыўын ҳәм халқымыздың абаданлығын буннан былай да жетилистириўде бүгинги Президент сайлаўы шешиўши әҳмийетке ийе.
Пуқаралардың мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкиллик уйымларына сайлаў ҳәм сайланыў ҳуқықына ийе екени Конституциямызда беккемлеп қойылған. Сайлаўлар демократиялық ҳуқықый мәмлекеттиң тийкарғы белгиси, халықтың ерк-ықрарының еркин көриниси болып есапланады. Елимизде жаратылған сайлаў системасы пуқаралардың ең әҳмийетли сиясий ҳуқықы толық әмелге асыўына хызмет етпекте.
Миллий нызамшылығымызда халық мәмлекетлик ҳәкимияттың бирден-бир дәреги екени көрсетилген. Өзбекистан халқын, миллетине қарамастан, Өзбекистан Республикасының пуқаралары қурайды. Президент сайлаўы буны тағы бир мәрте көрсетти.
Сайлаў халықаралық ҳуқық нормаларына сай, жәриялылық, көп партиялылық, еркинлик, теңлик принциплерине муўапық өтти. Бунда сайлаў системасына байланыслы нызамшылықта пуқаралардың сайлаўалды кампаниясында ҳәм даўыс бериўде еркин қатнасыўы, даўыс бериўдиң жасырын екенлиги, буны ҳәр бир пуқараның өзи тиккелей әмелге асырыўы белгилеп қойылғаны айрықша әҳмийетке ийе.