Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ӨЗБЕКИСТАН ПРЕЗИДЕНТЛИГИНЕ ТАЛАБАН ШАВКАТ МИРЗИЁЕВ САЙЛАЎДА ДАЎЫС БЕРДИ

2016-12-04 | Cайлаў

Исбилерменлер ҳәрекети - Өзбекистан Либерал-демократиялық партиясынан Өзбекистан Республикасы Президентлигине талабан Шавкат Мирзиёев 4-декабрь күни Ташкент қаласындағы 132-сайлаў участкасына барды.

Өзбекистан Республикасының Конституциясында пуқаралардың сайлаў ҳәм сайланыў ҳуқықы, ерк-ырқарын билдириў теңлиги ҳәм еркинлиги кепилликке алынған. Ғәрезсизлик жылларында Биринши Президентимиз Ислам Кәримовтың басшылығында бул ҳуқықлар менен еркинликлерди тәмийинлейтуғын миллий сайлаў системасы жаратылды. Елимизде демократиялық реформаларды буннан былай да тереңлестириў ҳәм пуқаралық жәмийетин раўажландырыў концепциясына муўапық Бас нызамымыз және сайлаў нызамшылығына киргизилген өзгерислер менен қосымшалар бул системаны және де жетилистирди.

Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаў әне усы толық нызамшылық базасы ҳәм улыўма тән алынған халықаралық пиринциплерге сәйкес түрде өтти. 

Биринши Президентимиз белгилеп берген мәмлекетлик сиясат ҳәм раўажланыў принциплери елимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыўдың, халықтың абаданлығын арттырыўдың тийкарғы факторы болмақта. Елимиздеги тынышлық ҳәм турақлылық, қолай инвестициялық орталықтың нәтийжесинде халықаралық бирге ислесиў барған сайын раўажланбақта. Экономика избе-из модернизацияланып атырғанының нәтийжесинде оның бәсекиге шыдамлылығы, экспорт потенциалы артпақта. Жеке меншик ҳәм исбилерменликтиң раўажланыўы заманагой товар ҳәм хызметлерди көбейтиў, халықты жумыс пенен тәмийинлеў имканиятын бермекте. Аўыл хожалығы саласының структуралық өзгертилип, мийўе-овощ жетистириў көбейип атырғаны нәтийжесинде базарларымыздың молшылығы тәмийинленбекте.

Бул пәтти избе-из даўам еттириў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў системасын жетилистириў, суд-ҳуқық системасын реформалаў ҳәм нызам үстинлигин беккемлеў, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликке кең еркинлик бериў, жергиликли бюджетлердиң дәраматын көбейтиўге, социаллық саланы раўажландырыўға қаратылған илажлар елимизди раўажландырыўды ҳәм халқымыздың турмыс дәрежесин жаңа басқышқа көтереди.

Президент сайлаўы елимиздиң бүгини ҳәм келешеги ушын әҳмийетли сиясий ўақыя болып табылады. Буны терең сезинген ўатанласларымыз сайлаўда белсене қатнасты. Ҳәр бир сайлаўшы ерк-ықарарын еркин билдирип, өзиниң ҳәм халқымыздың абаданлығы, елимиздиң тынышлығы-татыўлығы, Ўатанымыздың айдын келешеги ушын даўыс берди.

Поделиться