Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Ақш мәмлекетлик хаткерини орынбасары менен ушырасыў

2016-10-29 | Сиясат

Өзбекистан Республикасы Президенти ўазыйпасын атқарыўшы Шавкат Мирзиёев 2016-жыл 29-октябрь күни АҚШ мәмлекетлик хаткериниң сиясий мәселелер бойынша орынбасары Томас Шэннонды қабыл етти.

Шавкат Мирзиёев мийманды елимизге сапары менен шын жүректен қутлықлап, Өзбекистан Республикасы Президенти Ислам Кәримовтың қайтыс болыўына байланыслы Өзбекистан халқына терең кеўил билдиргени ҳәм қоллап-қуўатлағаны ушын АҚШ Президенти Барак Обама ҳәм Мәмлекетлик хаткери Жон Керриге шын жүректен миннетдаршылық билдирди. АҚШ делегациясы 28-октябрь күни Самарқандта болып, Ислам Кәримовтың естелигине ҳүрмет көрсеткени Биринши Президентимиздиң естелигине ҳәм халқымызға жоқары ҳүрмет-итибардың көриниси болып табылады.

Сөйлесиў ўақтында тәреплер Өзбекистан-АҚШ қатнасықлары өз-ара ҳүрмет ҳәм исеним, бир-бириниң мәплерин инабатқа алыў принциплери тийкарында избе-из, табыслы раўажланып ҳәм беккемленип атырғанын атап өтти.

Ҳәр қыйлы дәрежедеги турақлы сөйлесиўлер көп қырлы бирге ислесиўди нәтийжели раўажландырыў ҳәм сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, гуманитарлық және басқа да салаларда жақсы нәтийжелерди қолға киргизиў имканиятын бермекте.

Дәстүрге айланған сиясий мәсләҳәтлесиўлер шеңберинде тәреплер өз-ара қатнасықларға байланыслы кең көлемли мәселелер, регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе тийкарғы машқалалар, соның ишинде, Орайлық Азияда қәўипсизликти ҳәм турақлылықты беккемлеў бойынша пикир алысып келмекте. Аўғанстандағы жағдайды тыныш жол менен турақлыластырыў процеси ҳәм бул елдиң социаллық-экономикалық тиклениўине көмеклесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта.

Тәреплер саўда, инвестиция ҳәм жоқары технологиялар саласындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўге жоқары баҳа берди. Бүгинги күнде Өзбекистанда АҚШтың «General Motors», «Boeing»,  «General Electric», «Honeywell», «Hyaat», «Hilton» сыяқлы көплеген жетекши компаниялары нәтийжели жумыс алып бармақта. Америка-Өзбекистан саўда палатасының анық мақсетли жумысы кең көлемдеги экономикалық байланысларды раўажландырыўға және кеңейтиўге хызмет етпекте.

Сәўбетлесиў пайытында Өзбекистан ҳәм Америка Қурама Штатлары еллеримиздиң узақ мүддетли мәплерине сәйкес келетуғын барлық перспективалы бағдарларда шерикликти ҳәм бирге ислесиўди избе-из беккемлеп, кеңейтип барыў ушын зәрүр имканиятқа және  потенциалға ийе екени атап өтилди.

АҚШ делегациясының басшысы Өзбекистанда әмелге асырылып атырған кең көлемли социаллық-экономикалық, жәмийетлик-сиясий реформалардың, пуқаралық жәмийети тийкарларын ҳәм демократиялық қәдриятларды беккемлеўге қаратылған үлкен өзгерислердиң айқын нәтийжелерин жоқары баҳалады.

Томас Шэннон елимизге сапары даўамында өзбек халқының бай тарийхый-мәдений және руўхый мийрасқа ийе екенине және бир мәрте исеними артқанын айрықша атап өтти.

Жаслар, ҳәр қыйлы диний конфессиялар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери менен ашық және шын жүректен сәўбетлесиўлер, олардың ертеңги күнге исеними, умтылыслары, мәртлиги ҳәм күш-жигери мийманда үлкен тәсир қалдырды. Елимизде ҳүким сүрип атырған тынышлық, миллетлераралық татыўлық ҳәм конфессиялараралық кең пейиллик орталығы дыққатқа ылайықлы екени айрықша атап өтилди.

АҚШ Мәмлекетлик хаткериниң орынбасары Өзбекистан миллий паралимпиада ассоциациясына да барып, Рио-де-Жанейро қаласында болып өткен XV жазғы Паралимпиада ойынларында жоқары нәтийжелерди қолға киргизген спортшыларымызды қутлықлады.

Томас Шэннон шын жүректен қабыл еткени ушын Шавкат Мирзиёевқа миннетдаршылық билдирди ҳәм АҚШ басшылығы Өзбекистан менен көп қырлы қатнасықларды избе-из және турақлы раўажландырыўдан мәпдар екенин атап өтти.

Сәўбетлесиў даўамында еки ҳәм көп тәреплеме әҳмийетке ийе басқа да әҳмийетли мәселелер көрип шығылды.

Поделиться