Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ЕҚБШ ДИИҲБ делегациясы менен ушрасыў
2016-10-11 | Сиясат
2016 жылдың 11 октябрь күни Ѳзбекистан Республикасы Сыртқы ислер министрлигинде Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми Демократик институтлар ҳәм инсан хуқықлары бойынша бюросының(ЕҚБШ ДИИҲБ) Ихтияжларды баҳалаў миссиясы менен ушрасыў болып өтти. Миссияға Сайлаўлар департаменты баслығы Александр Шлик басшылық етти.
Сөйлесиўлер даўамында 2016 жылдың 4 декабрь күни болып өтетуғын Ѳзбекистан Республикасы Президенти сайлаўына Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен ЕҚБШ ДИИҲБ атына жолланған мирәтнама шеңбериндеги бирге ислесиў мәселелери бойынша пикир алмасылды.