Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ЕАның сыртқы ислер ҳәм қәўипсизлик сиясаты бойынша жоқары ўәкили менен ушрасыў
2016-10-06 | Сиясат
2016 жылдың 5 октябрь күни Брюсель қаласында Ѳзбекистан Республикасы Сыртқы ислер министри Абдулазиз Камилов басшылығындағы делегация ЕАның сыртқы ислер ҳәм қәўипсизлик сиясаты бойынша жоқары ўәкили, Еврокомиссия вице-президенти Федерика Могерини менен еки тәреплеме сөйлесиўлер өткерди.
Сөйлесиўлер басында Министр Евроаўқам басшыларына Биринши Президент И.А.Каримовтың қазасы мүнәсебети менен Ѳзбекистан ҳалқына билдирилген қайғырыў ушын Ѳзбекистан басшылары атынан миннетдаршылық билдирди.
Ушрасыўда еки тәреплеме бирге ислесиўдиң айрықша әҳмийетли мәселелери, соның ишинде қоспа институтлардың келеси мәжлислери кестеси ҳәм күн тәртиби талқыланды.
Сөйлесиўлер даўамында 4-октябрь күни болып өткен “Орайлық Азия-Европа Аўқамы” аймақларара ушрасыўы жуўмақлары ҳәмде аймақлық ҳәм халық аралық сиясаттың айрым мәселелери бойынша пикир алмасылды.