Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ОКРУГЛИК САЙЛАЎ КОМИССИЯЛАРЫНЫҢ АҒЗАЛАРЫ УШЫН СЕМИНАР-ТРЕНИНГ

2016-09-28 | Cайлаў

Ташкентте Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен Өзбекистан Республикасы Президенти сайлаўын өткеретуғын округлик сайлаў комиссияларының ағзалары ушын онлайн семинар-тренинг шөлкемлестирилди.

Онда Орайлық сайлаў комиссиясы ҳәм барлық округлик сайлаў комиссияларының ағзалары, баспасөз орайларының басшылары, сайлаў ҳуқықы бойынша экспертлер, сиясий партиялар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Видеоконференцбайланыс түринде өткерилген семинар округлик сайлаў комиссиялары ағзаларының сайлаў нызамшылығы ҳәм оны әмелиятта қолланыў бойынша билим ҳәм көнликпелерин және де беккемлеў, округлик сайлаў комиссиялары жумысын шөлкемлестириў, сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў мәселелерине бағышланды.

Өзбекистан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы М.Абдусаломов усы жылдың 4-декабринде болып өтетуғын Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаў елимиз турмысындағы оғада әҳмийетли жәмийетлик-сиясий ўақыя екенин айрықша атап өтти. Елимиздиң келешеги, оның еле де раўажланыўы усы сайлаўдың жоқары дәрежеде шөлкемлестирилиўине, онда сайлаўшылардың белсендилигине ҳәр тәреплеме байланыслы болып табылады.

Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти Ислам Кәримовтың басшылығында елимизде ғәрезсизлик жылларында әмелге асырылған кең көлемли реформалардың нәтийжесинде демократиялық талапларға ҳәм улыўма тән алынған халықаралық стандартларға толық жуўап беретуғын, пуқаралардың өз қәлеўин еркин билдириў кепилликлерин тәмийинлейтуғын миллий сайлаў системасы жаратылды.

Нызамшылығымызда Орайлық сайлаў комиссиясының басшылығында сайлаўлардың нызам талапларына толық муўапық түрде шөлкемлестирилиўин ҳәм өткерилиўин тәмийинлейтуғын, тек ғана нызамға бойсынатуғын бийғәрез сайлаў комиссиялары системасының беккемленип қойылғаны миллий сайлаў системасының ең әҳмийетли өзгешелиги болып табылады. Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаўға таярлық көриўди ҳәм оны өткериўди Орайлық сайлаў комиссиясы, округлик ҳәм участкалық сайлаў комиссиялары әмелге асырады.

Өзбекистан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы ҳәкимият уйымларының ҳеш қандай араласыўысыз сайлаўларға таярлық көриўди ҳәм оларды тәмийинлейтуғын, мәмлекетлик ҳәкимият системасында айрықша орын ийелеген конституциялық уйым статусына ийе. Ол өз жумысын бийғәрез, нызамлылық, коллегиаллық, ашық-айдынлық, әдалатлылық принциплери тийкарында алып барады.

Семинар-тренингте Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаўға байланыслы нызам ҳүжжетлери ҳәм Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен тастыйықланған Тийкарғы илажлар бағдарламасына муўапық сайлаўға таярлық көрилип атырғаны атап өтилди. Сиясий партияларға сайлаўға қатнасыўға рухсат берилди. Сайлаў округлери ҳәм округлик сайлаў комиссиялары қәлиплестирилип, олардың жумыс ислеўи ушын барлық шараятлар жаратылды. Сайлаўдың ашық-айдынлығын ҳәм жәриялылығын, транспарентлигин тәмийинлеў мақсетинде ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери аккредитациядан өткерилмекте, халықаралық бақлаўшыларға мирәтнамалар жиберилди.

«Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаў ҳаққында»ғы нызамға муўапық округлик сайлаў комиссияларына бир қатар ўазыйпалар жүкленген. Сайлаўға байланыслы нызамлардың округ аймағындағы орынланыўын қадағалаў, оның бир түрде қолланылыўын тәмийинлеў усылардың қатарына киреди. Олар, сондай-ақ, сайлаў участкаларын дүзеди, олардың округ бойынша тәртип санын белгилейди ҳәм мәнзилин көрсеткен ҳалда дизимин жәриялайды. Участкалық сайлаў комиссияларының жумысын муўапықластырып барады. Сиясий партиялар ўәкиллериниң, сайлаў округи аймағындағы жайласқан кәрханалар, мәкеме ҳәм шөлкемлер басшыларының сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге басланыслы мәселелер бойынша мәлимлемелерин тыңлайды.

Семинарда айрықша атап өтилгениндей, Өзбекистан Республикасы Президенти сайлаўын өткеретуғын сайлаў комиссиялары өз жумысында нызамлылық, сайлаў процесиниң ашық-айдынлығы ҳәм жәриялылығы сыяқлы принциплерди тәмийинлеўге турақлы итибар бериўи керек.

Семинар-тренинг даўамында Өзбекистан Республикасы Президенти сайлаўын өткеретуғын округлик сайлаў комиссияларының тийкарғы ўазыйпалары, миллий сайлаў нызамшылығына киргизилген соңғы өзгерислер ҳәм қосымшалардың мазмун-мәниси түсиндирилди. Сайлаў комиссияларының сиясий партиялар менен өз-ара қатнасықлары халықаралық сайлаў стандартлары, пуқаралардың сайлаў ҳуқықларының кепилликлери, сайлаўдың ашық-айдынлығын ҳәм жәриялылығын тәмийинлеўде баспасөз орайларының ўазыйпалары белгилеп берилди. Бақлаўшылар институтының сайлаў процесиндеги орны ҳәм әҳмийети, округлик сайлаў комиссиялары жумысының шөлкемлестириўшилик ўазыйпалары, сондай-ақ, сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы басқа да мәселелерге бағышланған баянатлар тыңланды.

Семинар қатнасыўшылары Өзбекистан Республикасы Президенти сайлаўын сәўлелендириў бойынша Республикалық баспасөз орайы, Ташкент қалалық округлик сайлаў комиссиясының жумысы менен танысты.

Поделиться