Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Фазлиддин Ғоибназаров – Олимпиада жеңимпазы!

2016-08-22 | Спорт

Бразилияның Рио-де-Жанейро қаласында өтип атырған XXXI жазғы Олимпия ойынларында боксшымыз Фазлиддин Ғоибназаров алтын медалды қолға киргизди.

Тәжирийбели боксшымыз XXXI жазғы Олимпия ойынларының бокс бойынша салмағы 64 килограммға шекем болған спортшылар ортасындағы шешиўши беллесиўде әзербайжанлық  Лорензо Коллазо Сотамайорны жеңилиске ушыратып, тастуғырдың ең жоқары басқышына көтерилди. 

Жеңимпаз спортшымыз ҳүрметине Ўатанымыз байрағы көтерилип, гимнимиз жаңлады. 
Әйне пайытта пайытта Өзбекистан спортшылары 4 алтын, 2 гүмис ҳәм 7 бронза медаль менен улыўмакомандалық есапта 21-орында бармақта. Бул көрсеткиш бойынша Өзбекистан спорт делегациясы Азия мәмлекетлери арасында төртинши, ҒМДА мәмлекетлери арасында екинши, Орайлық Азия мәмлекетлери ортасында биринши орынды ийелеп турыпты. 

 

Поделиться