Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Президенти ЕҚБШ ДИИҲБ миссиясының басшысын қабыллады

2023-04-20 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң  Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросы (ЕҚБШ ДИИҲБ) миссиясының басшысы Альберт Йонссон менен 20-апрель күни болып өткен ушырасыўында Өзбекстан Республикасы Конституциясына өзгерислер киргизиў бойынша реферндумға таярлық көриў ҳәм оны өткериў мәселелери көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы ЕҚБШ менен нәтийжели байланыслар, ашық ҳәм констуктив қарым-қатнас жолға қойылғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Өткен жылы Өзбекстанға ЕҚБШ баслығы, Польша сыртқы ислер министри Збигнев Рау, шөлкемниң бас хаткери Хельга Шмид, Миллий азшылықлар мәселелери бойынша Жоқарғы комиссар Қайрат Абдурахманов келгенин атап өтиў орынлы.

Бюро экспертлери мәмлекетимиздиң миллий системасын модернизациялаўда, соның ишинде Сайлаў кодексин ислеп шығыўда қатнасқан.

ДИИҲБ ның 2016, 2019 ҳәм 2021-жыллары Өзбекстанда болып өткен улыўмахалықлық сайлаўлардағы кең көлемли миссияларының жуўмағында берилген усыныслар есапқа алынған ҳәм енгизилген.

Ушырасыў даўамында референдумды жоқары халықаралық стантлартларға муўапық шөлкемлестириўдиң өзгешеликлери бойынша пикир алысты.

Миссия басшысы Альберт Йонссон мәмлекетимиздиң жаңаланған Конституциясында өз көринисин тапқан Жаңа Өзбекстандағы демократиялық жаңаланыўларды және де тереңлестириў процесслерин қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться