Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Энергетика министри ҳәм Китай компаниясы ўәкиллери ортасында ушырасыў болып өтти

2023-04-19 | Экономика

Усы жылдың 17 апрелъ күни Энергетика министри Жоърабек Хаткермаҳмудов ҳәм Китайдың «State grid - CET» компаниясы президенти Ю Жун ортасында ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда Китай компаниясы өзиниң искерлик бағдарлары ҳәм басқалар ҳаққында мағлыўмат берди. Атап айтқанда :

 ➖Компания Азия, Африка, Қубла Америка, Жақын Шығыс, Европа ҳәм басқа регионларда 40 тан артық мәмлекетлер менен бизнес жойбарларын әмелге асырады. Компания проектлестириў, қурылыс, тәмийнат ҳәм техникалық хизмет көрсетиў бойынша жәми 200 ден артық жойбарларды әмелге асырған.

 ➖Компания жоқары ҳәм төмен кернеўли тармақлар, подстанция ҳәм генерация қуўатларын қурыўға тийкарғы итибарын қаратып, Китайдың 26 провинциясида 1, 1 млрд халықты (халықтың 83%) электр менен тәмийинлейди.

Мырза Ю Жүн Өзбекстанда жоқары кернеўли тармақлар ҳәм подстанцияларни проектлестириў, қурыў, финанслық тәмийнлеў ҳәм тайын ҳалда тапсырыў шәртлери тийкарында (EPC+F) қурыў мәселесин үйренип шығыўға тайынлығын хабарлады.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер усы бағдардағы шерикликти жеделлестириў бойынша питимди имзоладилар.

Дерек:

Поделиться