Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Жәҳән саўда шөлкемине ағза болады

2023-04-14 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёев Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў процесслери ҳәм перспективаларына байланыслы презентация менен танысты.

Бизге белгили, Жәҳән саўда шөлкеми мәмлекетлер аралық көп тәреплеме саўда системасын муўапықластырып турыўшы абырайлы халықаралық структура болып есапланады. Дүнья саўдасының 95 проценти оған ағза 164 мәмлекеттиң үлесине туўра келеди.

Шөлкемниң тийкарғы ўазыйпасы – еркин ҳәм ашық-айдын саўда қатнасықларын тәртипке салыў ҳәм оны кеңейтиў арқалы ағза мәмлекетлердиң турақлы раўажланыўын тәмийинлеў ҳәм инсанлардың турмысын жақсылаў болып есапланады. Бул Өзбекстанда әмелге асырылып атырған экономикалық реформалар мақсетине толық сәйкес келеди.

Бурын мәмлекетимиз экспортының ярымы пахта талшығына туўра келетуғын еди. Оның экспортынан толық ўаз кешилгеннен кейин, таяр кийим-кеншек экспорты 4 есеге көбейди. Өткен жылдың нәтийжелерине бола, тоқымашылық өнимлериниң экспорты 3 миллиард 300 мың долларды қурады. 2021-жылы Өзбекстан GSP+ системасына қосылғаны нәтийжесинде Европа базарына таяр өним экспорты 1,5 есеге артты.

Сыртқы саўдада таяр өним экспортын көбейтиўде Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў және де кең имканиятлар ашады. Соның ушын Өзбекстан 2019-жылдан бул халықаралық структураға ағзалық процесин жаңадан баслаған еди. Өткен дәўирде бул мақсетке исенимли қәдемлер қойылды.

Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў шәрт екенлигин атап өтип, оның экономикалық әҳмийетине тоқтады.

– Келеси үш жылда таяр өним экспортын 2 есеге арттырыўды режелестиргенбиз. Оған ерисиўдиң бирден-бир жолы – Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў. Бул 164 мәмлекет пенен әдалатлы саўда системасын жолға қойыў ҳәм турақлы базарларды жаратыў имканиятын береди,-деди Шавкат Мирзиёев.

Президентимиз өткен жылғы Мүрәжатында бул процессти жеделлестириў ҳаққында айтқан еди. Усы мақсетте Жәҳән саўда шөлкемине ағза 50 ден аслам мәмлекетлер еки тәреплеме сөйлесиўлер алып барылды. Бул процесс бойынша усы жылдың март айында Жәҳән саўда шөлкеминде жумысшы топардың алтыншы мәжилиси өткерилди.

Мәмлекетимиз басшысы қатнасыўындағы презентацияда ағза мәмлекетлер тәрепинен көтерилген мәселелер додаланды.

Жәҳән саўда шөлкеминиң келисимлеринен келип шығып, миллий нызамшылықты оған үйлестириў, тәртип ҳәм стандартларды халықаралық талапларға бейимлестириў бойынша тапсырмалар берилди. Оның ушын сырт ел консультантларын тартып, жумысшы топарларды қәлиплестириў, барлық министрликлер ҳәм елшиханалар менен системалы ислесиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться