Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Министр Ҳилола Умарова қарақалпақстанлы 20 ветеран муғаллимди сыйлықлады

2023-03-31 | Билимлендириў

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Ҳилола Умарова Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында ветеран муғаллимлер менен ушырасыў өткерди.

Онда ҳәзирги күнде мектеп билимлендириўи системасында әмелге асырылып атырған реформалар, атап айтқанда, педагоглардың кәсиплик шеберлигин арттырыў, оқыўшыларға сапалы билим бериў, оларды руўхый жақтан жетик шахс етип тәрбиялаў, олардың кәсипти дурыс таңлаўы бойынша муғаллимлердиң орны ҳәм жуўапкершилиги ҳаққында сөз болды.

Ушырасыўда мектеп билимлендириўин және де раўажландырыў бағдарында муғаллимлер тәрепинен билдирилген пикир-усыныслар тыңланды.

Ушырасыў соңында билимлендириў сапасының көрсеткишлери бойынша жоқары нәтийжелерге ерискен 20 ветеран муғаллим «Халық билимлендириўи пидайысы» көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться