Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Жайлаўлардан пайдаланыў бойынша усыныслар додаланды
2023-02-16 | Сиясат
Президент Шавкат Мирзиёев жайлаўларды қорғаў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыўға байланыслы усыныслардың презентациясы менен танысты.
Бул ҳаққында быйыл 23-январь күни аўыл хожалығы мәселелери бойынша өткерилген мәжилисте көрсетпе берилген еди.
Елимизде 21 миллион гектардан аслам жайлаўлар болып, олар шарўашылық, пиллешилик, палҳәррешилик сыяқлы көплеген тармақлар ушын әҳмийетли дәрек. Бирақ, олардан пайдаланыўға байланыслы ҳәзирги тәртип жайлаўларда исбилерменликти раўажландырыў ҳәм өним жетистириўди шеклемекте.
Соның ушын, жаңа редакцияда «Жайлаўлар ҳаққында»ғы нызам жойбарын ҳәм жайлаў майданларын ижараға бериў тәртибин ислеп шығыў усыныс етилди.
Бул көплеген экономикалық жойбарларға жол ашады. Атап айтқанда, Испания ҳәм Португалияның жетекши компанияларының қатнасыўында халықаралық финанс институтларынан тартылған 7 миллион 800 мың доллар муғдарындағы грант қаржылары есабынан 4 жойбар қәлиплестирилген. Қашқадәрья ҳәм Самарқанд ўәлаятларында аралас жем ислеп шығарыўшы кәрханалар, Шарўа ҳайўанларын генетикалық изертлеў лабораториясын шөлкемлестириў, қой-ешкилерди санлы идентификациялаў солардың қатарына киреди. Сондай-ақ, халықаралық финанс институтларының грантлары есабынан 500 гектар жайлаўда қуяштан қолайлы энергия алыў арқалы қудықлардан суў шығарыў сондай-ақ, тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизиў режелестирилген.
Ҳәммемизге белгили, жайлаў жерлерде геўрек жақсы өседи, ол Қызыл китапқа да киргизилген. Бирақ көп орынларда оның тәбийғый көбейиўи ҳәм қайта тиклениўине зыян жеткерилмекте. 2019-жылы тәбийғый геўрек майданлары 33 мың гектар болған болса, 2021-жылға келип дерлик ярымына азайған.
Сонлықтан геўректиң ҳәр бир түбине жеткерилген зыян ушын жәрийма муғдарын арттырыў, қызыл китапқа киргизилген тәжик геўрегинен пайдаланыўға 3 жыл мүддетке мораторий енгизиў усыныс етилмекте.
Мәмлекетимиз басшысы бул режелерди мақуллап, орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша қосымша көрсетпелер берди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги