Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Халықлар дослығы улығланды

2022-12-31 | Жәмийет

Нөкисте Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери миллий ассоциациясы Қарақалпақстан аймақлық бөлиминиң басламасы менен Жаңа жыл байрамы илажы болып өтти.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басламасы менен 30-июль елимизде “Халықлар дослығы” күни деп белгилениўи жәмийетимизде миллетлер аралық татыўлық, диний кең пейиллик орталығын беккемлеў, жәмлескенликке шақырыўшы әҳмийетли қәдем болды. Нөкис қаласында пайдаланыўға тапсырылған “Дослық үйи”нде  бүгинги күни 5 миллий мәдений орай ҳәм  мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери жумыс алып бармақта.

Миллети, тили ҳәм динине қарамастан Өзбекстанды өзиниң Ўатаны деп билетуғын, оның раўажланыўы ушын үлес қосып киятырған ҳәр бир пуқара буннан кейин де мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиздиң итибары менен ғамқорлығында болады,-деген еди Президентимиз Олий Мажлиске ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатында. –Миллетлер аралық дослық, диний кеңпейиллик орталығын буннан былай да беккемлеў ушын барлық күш ҳәм имканиятларымызды жумсаймыз.

– Бүгинги күни ең уллы байлығымыз елимизде жасап атырған түрли миллет ўәкиллеринниң дослығы болып табылады, – дейди Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери миллий ассоциациясы Қарақалпақстан аймақлық бөлиминиң баслығы Гүлсара Жоллыбекова. – Илажды өткериўден тийкарғы мақсет, усы халықлардың миллий мәденияты менен үрп-әдетлерин, салт-дәстүрлерин кеңнен үгит-нәсиятлаўдан ибарат.

Байрам илажында түрли миллет ўәкиллериниң атқарыўында қосық ҳәм аяқ ойынлар көрсетилип, жаңа жыл байрамында таярланатуғын миллий тағамлар, өнерментшилик буйымлары ҳәм кийимлер көргизбеси болды.


Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться