Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Жер асты суўларын қорғаў күшейтиледи

2022-12-07 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёев жер асты суўларын қорғаўға қаратылған илажлар менен танысты.

Жер асты суўлары ҳәм халық ушын ең зәрүр душшы суў дәреклеринен бири. Оннан тәртипсиз пайдаланыў ақыбетинде көп жерлерде жер асты суўы азайып кетпекте. Наўайы, Самарқанд, Жиззақ, Қашқадәрья, Наманган, Ферғана ҳәм Әндижан ўәлаятларының айырым аймақларында оның көлеми 5 метрге шекем төменлеп кеткен.

Усыған қарамастан, орынларда руқсатсыз қудықларды бурғылаў, жер асты суўларынан қадағалаўсыз ҳәм есапсыз пайдаланыў еле даўам етпекте. Соның ушын, Президентимиздиң көрсетпесине муўапық, жер асты суўларын қорғаўды күшейтиў ҳәм оннан пайдаланыўды жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығылды.

Оған бола, жер асты суўының көлеми 5 метрден артық төменлеген аймақларда қудықларды бурғылаў ҳәм жер асты суўларынан пайдаланыўға мораторий енгизиледи. Ҳәзирги күнде қудықлардың 90 процентинде есаплағыш жоқлығы себепли жер асты суўларынан пайдаланыў бойынша анық мағлыўмат жыйнаў имканияты болмай атыр. Соның ушын жер асты суўларынан пайдаланыўшыларға 2024-жыл 1-январьға шекем өз қарамағындағы имаратларды суў есаплағыш пенен тәмийинлеў миннетлемеси қойылмақта.

Сондай-ақ, 2023-жыл 1-апрельден баслап ҳәр бир қудыққа айрықша емес, ал қудықларды бурғылаў жумысына руқсатнама бериў жолға қойылады. Көлеми төменлеп баратырған жер асты суўы кәнлерин түп-тийкарынан қайта баҳалаў бойынша геологиялық-излеў жумыслары әмелге асырылады. Және бир жаңалық-жер асты суўларының жағдайын бақлап барыў, қәўипли геологиялық процесслерден қорғаўдың бирден-бир системасын жаратыў мақсетинде Мәмлекетлик геологиялық мониторинг хызмети шөлкемлестириледи.

Улыўма алғанда, бул илажлар жер асты суўының азайыў процесин тоқтатыў ҳәм басқа да аймақларда бундай жағдай пайда болыўының алдын алыўға хызмет етеди. Мәмлекетимиз басшысы бул усынысларды мақуллап, суўдан есапсыз пайдаланыўға шек қойыў, бул бойынша тәртипти күшейтиў бойынша көрсетпелер берди. Душшы суў дәреклерин сақлаў ҳәм халық ушын узақ мүддетке жететуғын резерв жаратыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться