Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Ташкент қаласының 2045-жылға шекемги Бас режесиниң жойбары көрип шығылды

2022-10-18 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёев 18-октябрь күни "ТашкентбаспланЛИТИ" мәмлекетлик унитар кәрханасына барып, Ташкент қаласының 2045-жылға шекемги Бас режесиниң жойбары менен танысты.

– Ташкент – әзим пайтахтымыз, мәмлекетимиздиң ең үлкен қаласы.  Бес жылда инвестицияға, исбилерменлерге шараят жараттық, жаңа турақ жайлар, заманагөй имаратлар қурылды. Бул да керек. Енди келешекти ойлап, стратегияны анық белгилеп алмасақ, он жылдан кейин қалада жасаў қыйын болып кетеди. Қосымша басымды инфраструктура көтермейди. Енди қәте ислеўге ҳақымыз жоқ. Халық ушын жаратылыўы керек болған қолайлықларды есапқа алып, жойбарды 50 жыл алдын дурыс ислемесек, қаланың инфраструктурасы да, экономикасы да, экологиясы да болмайды, – деди Президент.

Ҳәзирги күнде Ташкент қаласының аймағы 43 мың гектар, халықтың саны 3 миллионға шамаласқан. Инфраструктура тармақларына жүклеме артқан. Транспортлар да күн сайын көбейип, жол ҳәрекети қыйынласып бармақта. Шаң, түтин экологияға унамсыз тәсир көрсетпекте.

Соның ушын Президентимиз бул мәселени айрықша итибарға алып, пайтахттың архитектуралық көринисин сақлап қалыў, келешектеги қурылысларды қала сыртында ислеў ўазыйпасын қойған еди. Атап айтқанда, өткен жылы «Жаңа Өзбекстан» бағының ашылыў мәресиминде және ташкентли сайлаўшылар менен ушырасыўда бул бойынша концепция таярланып атырғаны айтылған еди.

Пайтахтымыздың келешеги менен байланыслы болғаны ушын бул мәселеге беккем ҳәм пуқта қатнас жасалды. «ТашкентбаспланЛИТИ» кәрханасында сырт елли ҳәм жергиликли жойбарлаўшылар еки жыл даўамында ислести. Халықтың өсиўи, транспорт ҳәм инженерлик тармақлары, климат өзгериўлери талланып, соның тийкарында транспорт түйинлери ҳәм елатлы пунктлерди раўажландырыў стратегиясы ислеп шығылды.

Сапар ўақтында Президентимизге усы стратегия ҳаққында мәлимлеме берилди.

Нәзерде тутылып атырған жумыслардан бири сол, Ташкент қаласы кадастры санластырылып, аймақлардың категориясы ашық-әшкара дизимге алып қойылады. Халық өз мәҳәллеси ямаса исбилерменлер бизнес ашпақшы болған жериниң қандай аймақта жайласқанын интернет арқалы арқайын көриўи мүмкин болады.

Тығылыс машқаласын шешиў ушын жәмийетлик транспорт қолайлыластырылады. Оның ушын халық үйинен 15 минут пияда жүретуғын аралықта бәндирги болыўы талап етиледи. Сондай-ақ, «Park and ride» принципи тийкарында, қала шетлеринде автомобиль турыў орынларын шөлкемлестирилип, жәмийетлик транспорт бәндиргилери менен байланысады.

Және бир әҳмийетли илаж – имаратларға социаллық талаплар белгилеў. Мәселен, қаланың ишинде көп қабатлы имарат қурылғандай болса, оның түрине қарап, мектеп, бақша, турмыслық хызмет, автомобиль турыў орны, көклемзарластырыў майданы сыяқлы нормалар қойылады.

Ташкент қаласының 2045-жылға шекемги Бас режесиниң жойбары «Жаңа Ташкент» концепциясы менен бирдей таярланған. Бул жаңа қала пайтахтымыздың арқа бөлегинде, Шыршық ҳәм Қарасуў дәрьялары аралығында қурылады. 500 мың халыққа мөлшерленген болады.

Соннан келип шығып, перспективалы раўажланыў ҳәм қурылыс аймақлары, жаңа қала менен пайтахтты бирлестириўши тийкарғы жоллардың схемалары ислеп шығылған. Биринши басқышта 6 мың гектарда қурылыс ислеў режелестирилген.

Глобал ысыў бақланып атырған ҳәзирги дүньяда жасыллық жүдә әҳмийетли. Ҳәзирги күнде Ташкент қаласында 7 мың гектар жасыл майданлар бар. Президентимиз алға қойған «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбарынан келип шығып, Бас реже жойбарында оған айрықша итибар қаратылған. Соның ишинде, үлкен айланба жол әтирапында «жасыл белбеў» жаратыў, қаладан өткен каналлар бойында тематикалық парклер қурыў нәзерде тутылған. Улыўма пайтахтымызда жасыл аймақларды 25 мың гектарға жеткериў мақсет етилген.

– Қаланы раўажландырыў бойынша бул стратегиямызды дүньядағы жетик қәнигелер да мақуллады. Енди ҳәр бир орын бойынша халықтың пикирин алып, ақыл менен, сапалы қурыў керек. Бул жаңа қала халқымызға мүнәсип, климатымызға қолайлы, заманагөй болыўы зәрүр,-деди Шавкат Мирзиёев.

Бул үлкен жойбарға жас қәнигелерди тартып, тәжирийбесин қәлиплестириў, районлар ҳәм қалалардың архитектурасын бирдей раўажландырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Соның ушын Самарқанд, Бухара, Қоқанд, Наманган сыяқлы басқа қалаларымызда да жойбарластырыў орайларын ашыў бойынша көрсетпе берилди.

Өзбекстан әмелий көркем өнер ҳәм өнерментшилик тарийхы мәмлекетлик музейин реконструкциялаў, Сурхандәрья ўәлаяты Денов районы орайының архитекура көринисин заманагөйлестириў жойбарлары да таныстырылды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться