Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ҚХР Баслығы мәмлекетлик сапар менен Өзбекстан Республикасында болады

2022-09-12 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Қытай Халық Республикасының Баслығы Си Цзиньпин 14-16-сентябрь күнлери мәмлекетлик сапар менен мәмлекетимизде болады.

Сапардың бағдарламасына муўапық Самарқанд қаласында жоқары дәрежедеги еки тәреплеме сөйлесиўлер болып өтеди.

Ушырасыўда мәмлекетлеримиз арасындағы дослық ҳәм ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў, көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылады.

Әдеттегидей, бирге ислесиўдиң әмелий тәреплери, бәринен бурын, саўда, инвестициялар, санаат кооперациясы, энергетика, транспорт, инновациялар, «жасыл» ҳәм санлы экономика бағдарындағы биргеликтеги жойбарлар, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў ҳәм мәденият тараўларындағы бағдарламаларды әмелге асырыў мәселелери дыққат орайында болады.

Өзбекстан ҳәм Қытай жетекшилери халықаралық ҳәм регионаллық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысады. Ушырасыў жуўмағында Қоспа баянат ҳәм салмақлы келисимлер топламына қол қойыў нәзерде тутылған.

ҚХР Баслығы Си Цзиньпин 15-16-сентябрь күнлери Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң  гезектеги мәжилиси шеңбериндеги илажларда қатнасады.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться