Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Германия Президенти Өзбекстан жетекшиси ҳәм көп миллетли халқын Ғәрезсизлик күни менен қутлықлады

2022-08-30 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 29-август күни Германия Федеративлик Республикасы Президенти Франк-Вальтер Штайнмайер менен телефон арқалы сөйлести.

Көп қырлы Өзбекстан-Германия бирге ислесиўин және де раўажландырыў, сондай-ақ, регионаллық шерикликтиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Сөйлесиў алдында Германия Президенти мәмлекетимиз басшысы ҳәм көп миллетли халқымызды елимиз ғәрезсизлигиниң 31 жыллығы менен қызғын қутлықлады. Кейинги жыллары әмелге асырылып атырған реформалар бағдарламасының нәтийжелери айрықша атап өтилди, Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған демократиялық ҳәм экономикалық жаңаланыўлар қоллап-қуўатланды.

Жетекшилер жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў нәтийжесинде еки тәреплеме қатнасықларда жоқары дәрежеге ерисилгенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Усы жылдың басында өз-ара товар алмасыў 60 процентке өсти. Мәмлекетимизде Германияның 200 ден аслам жетекши компаниялары табыслы жумыс алып бармақта. Өткен айда «Kna7f», «Pap3nb74g» ҳәм «Falk P94!ch3» сыяқлы белгили кәрханалар Өзбекстанда өзлериниң жаңа заводларын иске қосты.

Усы жылдың июль айында Германия бизнесиниң 100 ден артық ўәкиллериниң қатнасыўында болып өткен Өзбекстан-Германия исбилерменлер кеңесиниң гезектеги мәжилисинен соң экономиканың жоқары технологиялық тармақларында 24 жаңа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў  басланды.

Өз-ара пайдалы финанслық-техникалық ҳәм мәдений гуманитарлық бирге ислесиў кеңейип бармақта. Елимизде Гёте институты, Конрад Аденауэр ҳәм Фридрих Эберт фондлары, Германияның басқа да шөлкемлери белсене жумыс алып бармақта.

Өзбекстан ҳәм Германия Президентлери әмелий бирге ислесиўдиң кеңейиўи, сондай-ақ, узақ мүддетли шерикликти раўажландырыўға қаратылған биргеликтеги бағдарлама ҳәм жойбарлардың әмелге асырылыўын қоллап-қуўатлады.

Регионаллық бирге ислесиў, соның ишинде, Европа Аўқамы шеңбериндеги конструктивлик қарым-қатнасты раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Аўғанстанда узақ мүддетли тынышлықты тәмийинлеў ҳәм оның социаллық-экономикалық тиклениўине жәрдемлесиў мақсетинде жедел бирге ислесиўди даўам еттириў зәрүр екени атап өтилди.

Өзбекстан ҳәм Германия Президентлериниң телефон арқалы сөйлесиўи әдеттегидей шын кеўилден, ашық ҳәм дослық руўхында болып өтти.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться