Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Президенти ЕҚБШ Жоқарғы комиссары менен бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларын додалады

2022-08-03 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2-август күни  мәмлекетимизде сапар менен болып турған Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң (ЕҚБШ) Миллий азшылықлар мәселелери бойынша Жоқарғы комиссары Қайрат Абдураҳмановты қабыллады.

Әмелий бирге ислесиўди жолға қойыў мәселелери және миллетлераралық татыўлық ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеў тараўында биргеликтеги жойбарлар менен бағдарламаларды әмелге асырыў перспективалары көрип шығылды.

ЕҚБШ институтлары менен тийкарғы бағдарларда – қәўипсизлик, экономика ҳәм экология тараўларында, гуманитар бағдардағы конструктивлик сөйлесиў ҳәм нәтийжели бирге ислесиўдиң ҳәзирги күнги дәрежеси қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Орта мүддетли келешекте дерлик 50 илажды өткериў нәзерде тутылған «жол картасы» биргеликте әмелге асырылмақта.

Ушырасыўда Жоқарғы комиссар мәмлекетимизде кеңпейиллик ҳәм гуманизм мәдениятын раўажландырыў, миллетлераралық ҳәм пуқаралараралық түсинисиў ҳәм татыўлықты тәмийинлеў, сол тийкарда жас әўладты тәрбиялаў бойынша алып барылып атырған сиясатқа жоқары баҳа берди.

Өзбекстанның Орайлық Азия регионында дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм көп қырлы шериклик қатнасықларын беккемлеў, Аўғанстанның тыныш раўажланыўы ҳәм экономикалық тиклениўине жәрдемлесиў бағдарындағы басламалары қоллап-қуўатланды.

Бир қатар биргеликтеги илажлар – миллетлераралық татыўлық мәселелери бойынша регионаллық семинар, халықаралық тәжирийбе ҳәм ЕҚБШ усынысларының презентациясын өткериў, сондай-ақ, Өзбекстан делегациясының миллетлераралық қатнасықлар машқаласына бағышланған дөгерек сәўбетинде қатнасыўы бойынша келисимлерге ерисилди.

Көп тилли билимлендириў тараўында, соның ишинде Орайлық Азия билимлендириў бағдарламасы шеңберинде жойбарларды әмелге асырыў да нәзерде тутылған.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться