Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан ҳәм Қырғызстан Президентлери еки тәреплеме бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелерин додалады

2022-05-20 | Сиясат

19-май күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров пенен телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Өзбекстан ҳәм Қырғызстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Ҳәр қыйлы дәрежелерде өз-ара сөйлесиў ҳәм алмасыўлардың жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Саўда-экономикалық бирге ислесиў кеңейип бармақта – жыл басынан товар алмасыў 30 процентке артты.

Ерисилген келисимлерди әмелге асырыў ҳәм бес тийкарғы бағдар – Мәмлекет шегарасына байланыслы мәселелерде, саўданы көбейтиў, санаат кооперациясын кеңейтиў, транзит ҳәм энергетика тараўларында қоспа инфраструктуралық жойбарларды алға қойыў бағдарындағы әмелий бирге ислесиўде анық нәтийжелерге ерисиўге айрықша итибар қаратылды.

Регионаллық қарым-қатнас мәселелерин додалап, Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының гезектеги Мәсләҳәт ушырасыўы күн тәртибин ҳәр тәреплеме таярлаў әҳмийетли екени атап өтилди.

Жетекшилер болажақ еки ҳәм көп тәреплеме илажлардың режесин де көрип шықты.

Өзбекстан ҳәм Қырғызстан Президентлериниң телефон арқалы сөйлесиўи ҳәр қашанғыдай ашық-айдын, исеним ҳәм дослық руўхында өтти.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться