Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Ферғанадағы реформалар өз нәтийжесин бере баслады

2022-05-13 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев реформалардың орынлардағы орынланыўы, халықтың турмысы менен жақыннан танысыў мақсетинде 12-13-май күнлери Ферғана ўәлаятында болды.

Сапардың екинши күни мәмлекетимиз басшысының қатнасыўында Ферғана қаласында ўәлаятты социаллық-экономикалық раўажландырыў мәселелери бойынша мәжилис өткерилди.

Ферғаналылардың исбилерменлиги, мийнеткешлиги себепли сезилерли нәтийжелерге ерисилмекте. Атап айтқанда, кейинги бир жылда 10 мыңнан аслам киши кәрхана шөлкемлестирилген. Экспорт көлеми 44 процентке артып, 801 миллион долларға жеткен.

Қувасай қаласындағы «Кварц» кәрханасында 70 миллион доллар инвестиция есабынан жылына 22 миллион квадрат метр қурылыс айнасын ислеп шығарыў жолға қойылған. Қўштепадағы «Глобал текстиль инфинити» кәрханасында таяр тоқымашылық өнимлерин ислеп шығарыў бойынша 120 миллион евролық жойбар жедел әмелге асырылмақта. Кәрхана төртинши шеректе иске қосылып, 3 мың жаңа жумыс орны жаратылады.

– Биз дурыс жолды таңлап алдық,- деди Шавкат Мирзиёев. – Бул орынларда өз нәтийжесин берип атыр. Ферғана ўәлаяты 801 миллион долларлық экспорт еткен. Жумыс баслағанымызда 50 миллион долларды мөлшерлейтуғын едик. Ҳәзир 1 миллиард доллар экспорт ҳаққында сөйлесип атырмыз. Бул – ўәлаят өнимлериниң дүнья базарына бәсекиге шыдамлы болып кирип баратыр, деген сөз. Оның ушын ақыл, билим, күш-ғайрат керек. Усы жылдың жуўмағы бойынша жергиликли бюджетте 1 триллион сум қалыўы күтилип атыр. Соның есабынан адамларға шараят, исбилерменлик инфраструктурасы болады. Енди бул жолды даўам еттириўимиз керек.

Мәмлекетимиз басшысы ўәлаятта жуўапкерлердиң қатнасыўында көшпели қабыллаўлар өткерилгени, оларда көтерилген машқалалардың көпшилиги жергиликли дәржеде екенине итибар қаратты.

– Бул жерге келиўден алдын қабыллаўлар шөлкемлестирдик. Халық мүрәжатларының 45 проценти орнында шешилген. Бул жақсы ҳәм биз бул әмелиятты даўам еттиремиз. Бирақ, ҳәким, сектор басшылары не ислеген! деген сораў туўылады. Бундай жуўапкершиликсиз, адамларды әўере етиўге шек қойыў керек,-деди Президент.

Халықтың басламалары қоллап-қуўатланып, ҳәр бир мәҳәллениң қәнигелесиўи раўажландырылатуғыны, усы жылы 147 мың пуқараның бәнтлигин  тәмийинлеў ушын 1 триллион сумнан артық қаржы қаратылатуғыны айтылды.

– Барлық тараўда мәҳәлле системасының ролин арттырып атырмыз. Мәҳәлле халқының пикири халықтың тилеги деген сөз. Оның ушын ҳуқықый тийкар жараттық. Ферғана ўәлаятында 1062 мәҳәлле бар. Ҳәкимнен баслап мәҳәлле баслығына шекем бирлесип, тийисли шөлкемлерди тартып, адамлардың аўырын жеңил етиўи керек. Ферғана  бул мәселе бойынша да үлги болыўы керек,-деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы мәҳәллелерди раўажландырыў, социаллық мәселелерди шешиўде исбилерменлер сүйениш екенин атап өтти.

– Исбилерменлерге шараят жаратсақ, адамларға пайдасы тийеди, жасларды өз артынан жетеклейди. Исбилерменди сыйласақ, ол халықты сыйлайды,-деди Президентимиз.

Ўәлаят исбилерменлериниң 183 инвестициялық жойбарын қаржыландырыў ушын Тиклениў ҳәм раўажланыў қорынан қосымша 23 миллион доллар қаратылатуғыны белгиленди.

Мәжилисте Бас министрдиң орынбасарлары ҳәм басқа да жуўапкерлер өз системасын төменги буўында ислетиў бойынша халыққа есабат берди.

Ўәлаятта 2022-2023-жыллары санаат, хызмет көрсетиў ҳәм аўыл хожалығы тараўларында улыўма баҳасы 31 триллион сум болған 1 мың 268 инвестициялық жойбар әмелге асырылатуғыны атап өтилди. Онда химия, қурылыс материаллары, тоқымашылық, электротехника, былғары, фармацевтика тармақлары «драйвер» болады.

Аўыл хожалығында 653 жойбар әмелге асырылып, 23 мың турақлы жумыс орны жаратылады. Алтыарық, Ферғана ҳәм Бағдад районларында 1 мың 200 гектарда интенсив бағ ҳәм жүзим атызлары қурылып, исбилерменлерге 10 жылда бөлип төлеў шәрти менен ажыратып бериледи.

Сондай-ақ, турақ жай ҳәм жоллар қурыў, электр энергиясы ҳәм ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаў, мектеп ҳәм бақшаларды оңлаў бойынша режелер де мәлим етилди.

– Биз Ферғанадан үлкен нәтийжелер күтемиз,-деди мәмлекетимиз басшысы. -Бул ел тарийхтан илим, мәденият, өнерментшилик бойынша үлги болған. Ферғаналылар мийнет сүйгиш, исбилермен. Бул потенциалды, ишки имканиятларымызды толық жолға қойып, халқымызды разы етиў керек.

Президент Шавкат Мирзиёев Ферғана қаласында ашылған кәсип өнерге оқытыў орайының жумысы менен танысты.

Қубла Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги – KOICA менен биргеликте шөлкемлестирилген бул комплексте электроника, мәлимлеме технологиялары, автомобиль қурылысы, тигиўшилик, шаштәрезлик-косметология сыяқлы талап жоқары кәсиплер бойынша қәнигелер таярланады.

Орайға барлық заманагөй әсбап-үскенелер Қубла Кореядан алып келинген. Оқыў-сабақлар да усы мәмлекеттиң бағдарлама ҳәм қолланбалары тийкарында өтиледи. Оның ушын 5 кореялы тренер тартылған. Ҳәзирги ўақытта 240 адам билим алмақта.

Мәмлекетимиз басшысы оқыў процесслерин көзден өткерип, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар менен сөйлести.

– Оқыўға, излениўге ҳеш қашан кеш емес. Келип, кәсип үйренип атырғаныңыз ертеңги күниңизге бийпәрўа емес екенлигиңизден дәрек береди. Бираз қыйын болатуғын шығар. Бирақ өзиңизди, перзентлериңиздиң келешегин ойласаңыз, соған қунт етиң. Қыйыншылық өтип кетеди, сиз байлық жаратып атырсыз-деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысы кореялы тренерлер менен де сөйлесип, оларға миннетдаршылық билдирди.

Ҳәзирге шекем  елимизде бундай орайлар Ташкент, Самарқанд ҳәм Шаҳрисабз қалаларында бар еди. Ферғанада шөлкемлестирилген жаңа орай болса ойпатлық ўәлаятлары халқына хызмет көрсетеди. Узақтан келип, кәсип үйрениўшилер ушын жатақхана да қурылған.

Президент Шавкат Мирзиёев Ферғана қаласында «Жаңа Өзбекстан» массивиниң қурылыс майданында болды.

300 гектарлық бул массивте 298 көп қабатлы турақ жай қурылысы режелестирилген. Соннан 80 и быйыл исбилерменлер тәрепинен қурылады.

Сондай-ақ, еки улыўма билимлендириў мектеби, үш мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, медицина мәкемелери, саўда ҳәм турмыслық хызмет шақапшалары, спорт комплекси ҳәм мешит қурылады. 50 гектарда шөлкемлестирилетуғын киши санаат зонасы халықты жумыс пенен тәмийинлеўде әҳмийетли орын ийелейди.

Массив арасындағы 70 гектар майданда «Жаңа Өзбекстан бағы» ҳәм жасалма көл шөлкемлестириледи. Ҳәзирден-ақ 10 мың түптен аслам терек нәллери егилген. Жәми 21 мың түп егилиўи режелестирилген.

Сондай-ақ, Ферғана районының Жаңа әсир, Ёзёвон районының Жоқары сайбойы мәҳәллелеринде де «Жаңа Өзбекстан» массивлери қурылады.

Усы жылы Ферғана ўәлаятында жәми 9 мың 429 квартиралы 244 көп қабатлы турақ жай пайдаланыўға тапсырылады.

Мәмлекетимиз басшысы аймаққа коммуникция тармақларын тартыў, үйлерге заманагөй хызмет көрсетиўди шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берди.

Усының менен Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Ферғана ўәлаятына сапары жуўмақланды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться