Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Президент мойнақшылар менен сөйлести

2022-02-23 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 23-февраль күни Мойнақ қаласына келди.

Ҳәммемизге белгили, бул жер мәмлекетимиздиң алыс аймақларынан бири. Ең жақын қала қоңыратқа шекем 100, Қарақалпақстан орайы – Нөкиске шекем 200 километр аралық бар. Бул коммуникацияда қыйыншылық пайда етиўи тәбийғый.

Сонлықтан мойнақшылардың турмысы, шараятларына мәмлекетимиз басшысының итибары басқаша. Бул аймақты раўажландырыў бойынша еки қарар қабыл етилип, мәнзилли бағдарламалар әмелге асырылған. Президентимиздиң өзи де Мойнаққа еки мәрте – 2018- ҳәм  2019-жыллары келген. Сол ўақытта бул жерде транспорт коммуникацияларын жақсылаў бойынша көрсетпе берилген еди. Соған муўапық, автомобиль жоллары оңланды. Мойнақ аэропорты жаңаланып, иске қосылды.

Бул «ҳаўа порты» 1947-жылы қурылған болып, алдын киши самолётларды қабыл еткен. Кейин ала улыўма ислемей қалған.  Бүгин өмирге қайтқан бул аэропортта биринши мәрте Өзбекстан Президентиниң самолёты келип қонды.

Мәмлекетимиз басшысы бул жердеги дөретиўшилик жумыслары менен танысты. Аэропортта 50 жолаўшыға мөлшерленген жаңа терминал қурылған, ушыў-қоныў жолы ҳәм майданшалар оңланған. Комплекс әтирапы көклемзарластырылған.

Президент бул жерде мойнақшы жас үлкенлер, мәҳәлле баслықлары, ҳәким жәрдемшилери ҳәм жаслар менен ушырасты.

– Кейинги бес жылда көп нәрсени үйрендик, алдын исенилмеген затларға исендик. Мен биринши мәрте келгенимде «мәденият Мойнақтан басланады» деген едим. Сондай болып атыр. Мине усы аэропорт да бир мысал. Енди Ташкент-Мойнақ-Нөкис авиақатнаўы жолға қойылады,-деди Шавкат Мирзиёев.

Сапардағы және бир жаңалық – Аралбойын биргеликте раўажландырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы районлары белгили бир ўәлаятларға бириктирилген. Президент оның себеби ҳәм әҳмийетин түсиндирип берди.

– Аралбойында жағдай жаман деп көпшилик айтады. Бирақ ҳәмме де бул жерге келип көрмеген. Аралдың ҳаўасынан нәпес алыўы, шараятты көрип, әдил баҳа бериўи ушын бул жерге пүткил республикадан басшыларды жибердим. Қарақалпақстанның раўажланыўына үлкен қаржы қаратамыз,-деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысы Мойнақтағы әҳмийетли мәселелер, келешектеги жумыслар бойынша халықтың пикирин сорады.

– Бул жерде қыйыншылықларға шыдаған, мийнеткеш адамлар жасайды. Оларға тек ғана жумыс ислеў ушын шараят жаратып бериўимиз керек. Бирақ қандай кәрхана қурамыз? Самолёт келгени бийкарға емес. Енди өнимлерди тасыў аңсатласады. Соның ушын сизлерден өтиниш: ашшы, тийкарлы, пайдалы гәплерди айтың. Биргеликте жақын еки жылға анық режелерди белгилеп алыўымыз керек,-деди Шавкат Мирзиёев.

Жәмийетшилик ўәкиллери аймақтағы әҳмийетли мәселелер бойынша өз усынысларын билдирди. Президентимиз оларды қоллап-қуўатлап, жуўапкерлерге тапсырмалар берди. Аўыл хожалығы тармақлары менен бирге хызмет түрлерин кеңейтиў, атап айтқанда, кеўил ашар ойынлар ушын салық жеңилликлерин бериў зәрүр екенлигин атап өтти. Бул ишки туризмниң раўажланыўына, жумыс орынларының ашылыўына хызмет етеди.

Мойнақ районына Ташкент ўәлаяты бириктирилген. Ушырасыўда бул ўәлаят исбилерменлери тәрепинен Мойнақта әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында халық ўәкиллери алдында презентация өткерилди. Атап өтилгениндей, бул жерде дем алыў бағы қурылады, қосымша қубыр тартып келинеди. Кекселер санаторий, балалар дем алыў орынларына жибериледи. Мәмлекетимиз басшысы халықтың саламатлығы мәселесине айрықша итибар қаратып, бул жерге келип ислейтуғын шыпакерлерге айлық үстемелер бериў, турақ жай менен тәмийинлеў зәрүр екенлигин атап өтти.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться