Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан-Қазақстан бирге ислесиўи және де кеңейеди
2022-02-11 | Жәмийет
Ташкент қаласында 11-февраль күни Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов ҳәм Қазақстан Республикасы Бас министри Алихан Смаилов басшылығында еки мәмлекеттиң министрликлери, уйымлары ўәкиллериниң қатнасыўында мәжилис болып өтти.
Тәреплер көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиўден бирдей мәпдар екенин атап өтти.
Өзбекстан ҳәм Қазақстан Президентлери Шавкат Мирзиёев ҳәм Қасым-Жомарт Тоқаев арасындағы ашық ҳәм исенимли дослық мүнәсибет себепли мәмлекетлеримиз арасындағы шериклик сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилмекте. Мәмлекетимиз басшысының өткен жыл декабрь айында Қазақстанға мәмлекетлик сапары еки тәреплеме қатнасықлардың раўажланыўына күшли түртки берди.
Ҳәммемизге белгили, еки мәмлекет ҳүкиметлери алдына мәмлекетлеримиз басшылары тәрепинен келешекте көп тәреплеме бирге ислесиўди және де тереңлестириў бойынша анық әмелий ўазыйпалар қойылған.
Ушырасыўда еки тәреплеме келисимлер әмелге асырылыўын турақлы түрде додалап барыў ушын қәнигелескен шөлкемлердиң басшылары дәрежесинде өз-ара сөйлесиўди даўам еттириў зәрүр екенлиги айтып өтилди.
Аймақлараралық байланысты тереңлестириў, санаат кооперациясын раўажландырыў бойынша ҳәрекетлер жедел өтпекте.
Еки мәмлекет шегара аймағында Халықаралық санаат кооперациясының орайын қурыў бойынша келисимди әмелге асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Тәреплер аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў бойынша жойбарлар өз-ара пайда келтириўди, биргеликтеги инфраструктуралық объектлер жаратыў саўда ҳәм экономикалық бирге ислесиўди және де күшейтиўге хызмет ететуғынын атап өтти.
Мәжилистиң жуўмағы бойынша еки мәмлекеттиң жақын министрликлер, уйымлары арасында бирге ислесиўди және де кеңейтиўге қаратылған бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылды.
Қазақстан Республикасы ҳүкимети делегациясының ағзалары Өзбекстан ҳүкимети ўәкиллери менен биргеликте пайтахтымызда жайласқан Технопаркте де болып, комплекс қурамындағы кәрханалардың жумысы менен жақыннан танысты. Бул жерде ислеп шығарылып атырған санаат өнимлериниң үлгилери, заманагөй технологиялар тийкарында жолға қойылған процесслер мийманларда үлкен қызығыўшылық оятты.
Саидмурод РАҲИМОВ
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги