Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Жол ҳәрекети қәўипсизлигин күшейтиў илажлары додаланды

2022-02-12 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 11-февраль күни жолларда инсан қәўипсизлигин тәмиийнлеў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

– Бул мәселени кейинги бес жылда бирде-бир басшы, бирде-бир мәкеме қатаң итибарға алып додаламаған. Бул тараў бойынша нызамлар, жумыслар пүткиллей қанаатландырарсыз. Жол ҳәрекети қәўипсизлиги мәселеси босаңласып кеткен. Бул адамлардың наразылығына себеп болмақта, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Елимизде 2021-жылы 10 мыңнан аслам жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берип, оларда 9 мыңнан зыят адам жарақатланған. Ең ашынарлысы, 2 мың  500 ге шамалас адам қайтыс болған.

Талқылаўларға бола, жоллардағы апатшылықлардың 25 проценти жолдың жағдайы жаман болғаны ҳәм инфраструктурасы ақылға уғрас шөлкемлестирилмегени ақыбетинде келип шықпақта. Мәселен, Поп пенен Туракорған, Жарқурған ҳәм Денау, Самарқанд пенен Ғузар арасындағы жоллар, А-373 жолының Ёзёван районынан өткен бөлегинде ҳәр жылы онлаған адамлар қайтыс болмақта. Өкинишлиси, бундай қәўипли көшелер ҳәр бир ўәлаят, ҳәр бир район ҳәм қалада бар.

Мәжилисте жол-транспорт ҳәдийселери көп жүз берип атырған аймақлар көрсетип өтилип, жуўапкерлерге интизамый жаза шаралары белгиленди. Наманган ўәлаяты ишки ислер басқармасының баслығы, Әндижан ҳәм Самарқанд ўәлаятлары жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармаларының баслықлары лаўазымынан босатылды.

Атап өтилгениндей, транспорт ҳәдийселериниң көпшилигине айдаўшылардың жол қағыйдаларын қастан менсинбеўи ҳәм тәжирийбесизлиги, пиядалардың қағыйларға әмел етпеўи де себеп болмақта. Сонлықтан, быйыл барлық аймақларда «Қәўипсиз жол ҳәм қәўипсиз пияда» улыўма миллий бағдарламасы әмелге асырылатуғыны атап өтилди.

Нызамшылық палатасы ҳәм жуўапкер уйымларға жол ҳәрекетине байланыслы нызам ҳүжжетлерин қайта көрип шығып, түп тийкарынан жетилистириў ўазыйпасы қойылды. Себеби қопал қағыйдабузарлықлар, оларды қайта ислеў жағдайлары көбейген.

Жаза тартылыўын тәмийинлеў мақсетинде буннан былай да ҳәр бир ҳуқықбузарлық ушын жәрийма баллары системасы енгизилиўи белгиленди. Мәселен, айдаўшы тезликти асырса, 1 балл, қызыл шырақтан өтсе, 3 балл есапланады. Егер бир жылда жәми қағыйдабузарлықлар 12 баллдан асса, айдаўшы автомобиль басқарыў ҳуқықынан айрылады ҳәм қайта имтихан тапсырады.

Буннан тысқары, айдаўшылардың жуўапкерлигин мәжбүрий қамсызлардырыўда төленетуғын қамсызландырыў төлеминиң муғдарын жәрийма балларынан келип шығып белгилеў тәртиби енгизиледи.

Сондай-ақ,  автомобильди тәртипсиз басқарып, басқа айдаўшыларға кесент бергени ушын өз алдына «жол бийзарылығы» деген жаңа жуўапкершилик түри киргизиледи.

Мәмлекетимиз басшысы жол ҳәрекети қағыйдалары гөнергенин атап өтип, оларды халықаралық стандартлар тийкарында, қәнигелер ҳәм айдаўшылардың пикирин үйренген ҳалда жаңалаў бойынша тапсырма берди.

Мәжилисте айдаўшаларды таярлаў ҳәм имтахан алыў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.

Елимизде автотранспорт қураллары жылдан-жылға көбейип, айдаўшылардың қәнигелик дәрежеси  ҳәм өз-ара ҳүрмети, керисинше төменлеп бармақта. Жол-транспорт ҳәдийселериниң 75 процентин 35 жасқа шекемги айдаўшылар ислеген. Автомектеплерде оқытылып атырған китаплар менен оқыў бағдарламалары ескише.

Сонлықтан, бундай мектеплерде билимлендириўдиң сапасын қадағалаў ўазыйпасы Ишки ислер министрлигине жүкленди. Автомектеплер ҳәм имтихан орайларына болған талапларды қайта көрип шығыў, айдаўшылыққа оқытыўдың нәтийжелилиги ҳәм оқытыўшылардың қәнигелигин арттырыў бойынша көрсетпелер берилди.

Транспорт ағымын басқарыўдың ең нәтийжели жолы –  санластырыў. Бирақ бул бағдардағы жумыслар жеткиликли емеслиги атап өтилди.

Атап айтқанда, «санлы басқарыў» Ташкент қаласындағы жәми 602 кесилиспеден  тек ғана 111 инде бар. Басқа қалаларда болса бундай система жоқ.

Ташкент қаласы ҳәкимлигине пайтахт жолларында ҳәрекет басқарыўын санластырыў, еки жылда барлық кесилиспелерди санлы системаға өткериў ўазыйпасы қойылды. Аймақларда сондай системаны енгизиў ўәлаят ҳәкимлерине жүкленди.

Нөкис қаласы ҳәм ўалаят орайларында жол ҳәрекетин басқарыў ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша аймақлық концепциялар ислеп шығыў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәжилисте жоллардың жағдайы ҳәм инфраструктурасындағы машқалалар да талқыланды.

Өткен жылы жол ҳәрекетине байланыслы мәселелер бойынша халықтан 10 мыңнан зыят мүрәжат болған. Соның ишинде, транспорт ҳәрекети көп болған 2 мыңнан аслам кесилиспе ҳәм 10 мыңға шамалас пияда өтиў жолы  светофор ямаса басқа да қураллар менен тәмиийнленбеген. Елатлы пунктлерде 15 мың километрге жақын пияда ҳәм велосипед жоллары жетиспейди.

Буннан тысқары, жол белгиси ҳәм көрсеткишлериниң ярымы гөнерип кеткен. Ўәлаят ҳәкимликлерине қараслы жол белгилери ҳәм светофорлар орнатыўға жуўапкер кәрханалардың көп техникасы гөнерген. Енди бул кәрханалар усы аймақтағы жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасына өткерилиўи белгиленди.

Ўәлаят ҳәм район орайларында жол белгилери, светофор ҳәм жақтыландырғышлар орнатыў, сызықлар сызыў, пиядалар жолын белгилеў, улыўма, жолларды тәртипке салыўға тек ғана Жол ҳәрекети қәўипсизлиги системасы жуўапкер болады. Бул жумысларды қаржыландырыў ушын  системада «Қәўипсиз жол ҳәм қәўипсиз пияда» республикалық ҳәм ўәлаят қорлары шөлкемлестириледи.

Буннан тысқары, жол белгилерин ислеп шығыўда «Автожол»дың монополиясы бийкар етиледи ҳәм бул тараўға исбилерменлер тартылады.

Мәмлекетимиз басшысы көшелердеги ҳәрекетти айдаўшылар ҳәм пиядалар ушын қолайлы шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берди.

– Жолларда тәртип-қағыйдалар илимий тийкарланған болыўы керек. Ири  қалалардағы орайлық көшелерде тезлик шеклеўлерин ақылға уғрас белгилеў зәрүр. Соның ишинде, мектеп ҳәм бақшалардың алдында тезлик 30 километрден аспаўы шәрт. Айырым ҳәрекет көп көшелерде болса ҳәзирги 70 километр сааттан 60 километрге шекем түсириў зәрүрлиги бар, – деди Шавкат Мирзиёев.

Сонлықтан, тараўға қәнигелескен илимий-әмелий орайлар шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша тараўдың жуўапкер адамлары, ҳәкимлер шығып сөйледи.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться