Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Былғары-аяқ кийим санаатындағы имканиятлар көрсетип өтилди

2022-01-25 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёев 24-январь күни былғары-аяқ кийим санаатындағы тийкарғы ўазыйпаларды додалаў бойынша мәжилис өткерди.

Бул тараў халық тутыныў товарларын ислеп шығарыўда үлкен орынға ийе. Соңғы жылларда әмелге асырылған технологиялық жаңалаў ҳәм локализациялаў  нәтийжесинде тармақ сезилерли раўажланды. Мәселен, 2017-жылы  760 миллиард сум муғдарында  былғары-аяқ кийим өнимлери ислеп шығарылған болса, 2021-жылы бул көрсеткиш 4 триллион 415 миллиард сумды қураған. Усы дәўирде экспорт көлеми 105 миллион доллардан 421 миллион долларға жеткен. Яғный, өндирис дерлик 6 есеге, экспорт 4 есеге өскен.  Таяр өнимлердиң үлеси де 32 проценттен 78 процентке көбейген.

Соның менен бирге, еле бул тармақта иске қосылмаған имканиятлар оғада көп. Бирақ, айырым машқалалар ислеп шығарыўшыларға қыйыншылық туўдырмақта. Соның ишинде, шийки зат есабын жүргизиў системасы жоқ, автоматласқан  саллақханалардың мал сойылатуғын орынлар аз екенлиги териниң сапасына тәсир етпекте. Дизайнер, технолог ҳәм маман тигиўшилер, заманагөй үскене, химиялық қурал ҳәм аўысық бөлеклер жетиспейди.

Аймақлар кесиминде айтқанда, Бухара ҳәм Хорезмде жыллық 2 миллион дана тери резерви болса-да, оны санаат усылында жыйнап алыў ҳәм қайта ислеў жолға қойылмаған. Қашқадәрьяда жылына 1 миллион 800 мың, Наўайыда 700 мың ҳәм Ташкент ўәлаятында 500 мың дана ешки-қойдың териси улыўма қайта исленбейди. Көп саллақханалар халықтан узақта жайласқан, мәҳәллелер менен байланыспағаны себепли аз қуўатлылықта жумыс ислемекте.

Мәжилисте бундай машқалаларды шешип, тараўды системалы раўажландырыў бойынша қосымша илажлар белгиленди.

Бәринен бурын, мәҳәллелерде қара малларды сойыў ҳәм терисин жыйнап алыў бойынша киши мобиль хызметлерин жолға қойыў, буның ушын жеңиллетилген кредитлер ажыратыў зәрүр екенлиги айтылды.

Жуўапкерлер усы жылы әмелге асырылыўы мөшлерленген жәми 421  миллион доллар муғдарындағы 248 жойбар ҳаққында мағлыўмат берди. Мәмлекетимиз басшысы кәрханаларды өз ўақтында иске қосыў, соның менен бирге, жаңа перспективалы жойбарларды ислеп шығыў, онда локализациялаў ҳәм заманагөй модельлерди өзлестириўге итибар қаратыў керек екенлигин атап өтти.

Нөкис, Алтынкөл, Шаҳрихон, Жондор, Наманган, Ургут, Самарқанд, Ангор, Аҳангаран ҳәм Хазарасп районлары, Наманган, Марғилан, Қоқанд, Жиззақ, Қарши ҳәм Нурафшан қалаларында усы тармаққа қәнигелескен 16 киши санаат зонасының шөлкемлестирилиўи белгиленди. Бул аймақларда инфраструктура қурыў ушын бюджеттен 90 миллиард сум ажыратылады. Үскенелер сатып алыў ушын исбилерменлерге 3 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 7 жыл мүддетке кредит бериледи. Улыўма етип айтқанда, тараўды қоллап-қуўатлаўға усы жылы 60 миллион доллар жеңиллетилген кредит қаржылары қаратылады.

Буннан тысқары, Қоқанд ҳәм Марғиландағы дәстүрлер тийкарында барлық аймақларда терини қайта ислеў раўажланған мәҳәллелерди таңлап, өнерментлерди қоллап-қуўатлаў бойынша өз алдына бағдарлама ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды. Оларға шаңарақлық исбилерменлик ҳәм турақ жай бағдарламалары шеңберинде жеңиллетилген кредитлер ҳәм салық жеңилликлери бериледи.

Атап өтилгениндей, усы жылы былғары-аяқ қийим өнимлериниң экспортын 500 миллион доллар, келеси 3 жылда 1 миллиард 200 миллион долларға жеткериў мақсет етилген.

– Бул оғада үлкен жетискенлик, – деди Президент. – Бул мақсетке ерисиў ушын базар да бар, үлкен муғдарда шийки зат та бар, талапкер де бар. Тек ғана буның ушын исбилерменлерге барлық шараятларды жаратып бериў керек.

Усы мақсетте алдын берилген салық ҳәм бажыхана жеңилликлери 2026-жылға шекем созылыўы белгиленди. Сондай-ақ, сырт елли қәнигелерди тартыў қәрежетлериниң бир бөлеги қаплап бериледи. Сырт еллерде усақлап сатыў қоймаханасы ҳәм саўда үйлерин шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди, буның ушын сырт ел валютасында 3 жылға 4 процентлик кредитлер ажыратылыўы белгиленди.

Бүгинги күнде елимизде ислеп шығарылып атырған былғары өнимлери көлеминде ҳаял-қызлар аяқ кийиминиң үлеси 23 процент, балалар аяқ кийими 8 процентти қурайды. Сол себепли бул бағдарды да салық жеңиллиги арқалы хошаметлеўге көрсетпе берилди.

– Ең үлкен мәселе – қәниге жетиспеўшилиги. Соның ушын барлық аймақлар бул бағдарда анық реже ислеп, орынларда кадрларды оқытыў системасын жолға қойыўы керек, – деди Президент.

Ташкент тоқымашылық ҳәм жеңил санаат институтында заманагөй Оқыў-өндирислик лабораториясын шөлкемлестириў, сырт елде қәнигелердиң маманлығын арттырыў, орта буўын жумысшыларды таярлаў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Мәжилисте тармақ жуўапкерлери, ҳәкимлер, исбилерменлер шығып сөйлеп, усынысларын билдирди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться