Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Қәнигелестирилген билимлендириўге қамтып алыў көлемин кеңейтиў ҳәм сапасын арттырыў бойынша ўазыйпалар қойылды
2022-01-18 | Сиясат
Президент Шавкат Мирзиёев 17-январь күни мектеплерде тәлим-тәрбияның сапасын арттырыў, қәнигелестирилген мектеплердиң жумысын жетилистириў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилисин өткерди.
Мәмлекетимизде көплеген билимлендириў орайлары қурылып, қәнигелестирилген мектеплер шөлкемлестирилмекте. Президент мектеплери қурылып баслағанда мәмлекетимиз басшысы олар басқа мәкемелер ушын стандарт болыўы, билимлендириў орталығын өзгертиўди айтқан еди. Сондай болмақта. Жәмийетимизде илимге умтылыў күшейди. Перзентин жақсы оқытаман деген ата-аналар, оқыўға қызыққан жаслар көбейди.
2019-жылы елимизде 271 қәнигелестирилген мектеп бар еди. Президентимиздиң анық пәнлер ҳәм шет тиллерин үйретиўге байланыслы басламалары, қабыл еткен қарарларының нәтийжесинде математика ҳәм физика пәнлери бойынша 126, химия-биология бойынша 87, мәлимлеме технологиялары бағдарында 99, шет тиллер бойынша 207 қәнигелестирилген мектеплер ашылды.
Солай етип, халық билимлендириў системасындағы бундай мектеплердиң саны 790 ға жетти. Олардың 135 и толық қәнигелестирилген ҳәм жатақханасы бар. Қалған 655 мектепте тек 25 процент классларда белгили бир пән терең үйретиледи. Олардағы билимлендириў бағдарламасы, оқытыў методикасы, пән дөгереклери әпиўайы мектеплерден дерлик парықланбайды. Мысал ушын, математика ямаса шет тилине қәнигелестирилген классларда тек 2 саат көбирек арнаўлы пән өтиледи. Бүгинги заман талабы, келешектеги раўажланыў пәтине мүнәсип болыў ушын бул жетерли емес. Сонлықтан мәжилисте қәнигелестирилген мектеплерге қамтып алыў көлемин кеңейтиў, билимлендириўдиң сапасын арттырыў мәселелери додаланды.
– Бир нәрсени терең түсинип алыўымыз керек: экономикамызда оғада үлкен шек алғанбыз. Быйыл экспортымызды 14 миллиард долларға шығармақтамыз. 2025-жылға шекем мәмлекетимиз жалпы ишки өнимди 100 миллиард долларға, экспорт көлемин 30 миллиард долларға жеткериўди реже еткенбиз. Буны ким ислейди? Билимли кадрлар! – деп атап өтти Президент.
Қәнигелестирилген мектеплер басқышпа-басқыш Президент билимлендириў мәкемелери агентлиги системасына өткерилетуғыны белгиленди.
– Бул Агентликти тек 14 мектеп ушын дүзгенимиз жоқ. Ол Президент мектеплериндеги орталықты, методиканы басқа мектеплерге де алып кириўи керек, – деди Шавкат Мирзиёев.
Соның ушын жаңа оқыў жылынан баслап, Нөкис қаласы ҳәм ўәлаят орайларында екеўден, район ҳәм қалаларда биреўден мектеп таңлап алынып, Президент билимлендириў мәкемелери агентлиги системасына өткерилетуғын болды. Бунда сол аймақта раўажланған тармақлар, бурыннан күшли оқытылған пәнлерге айрықша итибар қаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Сол мақсетте жумысшы топар дүзип, аймақлардағы шараятларды үйрениў, таңланған мектеплерди жаңа стандартлар тийкарында оқыў жылына таярлаў бойынша көрсетпелер берилди. Қәнигелестирилген мектеплерге қабыллаў тәртиби, оқыўшы ҳәм муғаллимлердиң билимин баҳалаў системасын да қайта көрип шығыў керек екенлиги айтылды.
Мәмлекетимиз басшысы тәлим-тәрбия мазмунына да айрықша итибар қаратты.
– Қәнигелестирилген мектеп дегени 2 саат көп сабақ өтиў дегени емес. Онда балалар арнаўлы пән бойынша толық билимге, кең дүньяқарасқа ийе болыўы зәрүр. Оқыўшыларда миллий руўх, ўатанды сүйиў сезими жоқары болыўы керек, – деди Президент.
Мектеп билимлендириўин раўажландырыўға жергиликли ҳәкимликлер, университетлер де жуўапкер екени, өзлери ушын маман кадрлардың резервин таярлап барыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.
Билимлендириў дәрежеси, бәринен бурын, оқытыўшының билим ҳәм тәжирийбесине байланыслы. Сонлықтан қәнигелестирилген мектеплерге басшы ҳәм педагоглар еки басқышлы таңлаў тийкарында қабыл етиледи. Президент билимлендириў мәкемелери агентлигине усы система тийкарында жоқары тәжирийбели оқытыўышыларды жыйнап, қосымша оқытыў, миллий ҳәм халықаралық сертификатлар алыўға жәрдем бериў тапсырылды.
Агентликтиң Педагогикалық шеберлик ҳәм халықаралық баҳалаў орайы негизинде илимий орай шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды. Ол қәнигелестирилген мектеплердиң ҳәр бир бағдары бойынша халықаралық методика тийкарында алдынғы билимлендириў бағдарламаларын ислеп шығыў менен шуғылланады.
Бул жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў ушын Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ҳәр бир ўәлаятта Президент билимлендириў мәкемелери агентлигиниң аймақлық бөлимлериниң шөлкемлестирилетуғыны белгиленди. Мәмлекетимиз басшысы мектеплерде шет тиллерин оқытыў сапасы төмен екенлигин кескин сынға алды.
– Раўажланған мәмлекетлерде жоқары оқыў орнында тил үйретпейди. Себеби студентлер жаслығынан-ақ еки тилди биледи. Биз 1-класстан 11-классқа шекем шет тилди үйретемиз. Бирақ мектепти питкерген балалардың неше проценти усы тилде сөйлесе алады?! Буған мәмлекеттиң қанша ақшасы кетпекте! Қәне нәтийжелилик, – деп ҳақылы сораў қойды Президент.
Халық билимлендириў министрлиги системасындағы басқа мектеплерде де билимлендириўдиң сапасын арттырыў, пәнлер ҳәм шет тиллерин терең үйретиў мәселелерине тоқтап өтилди.
– Билимлендириў системасын жақсы жолға қоймасақ, реформалар әмелге аспайды. Буны бир министрлик ямаса агентлик те ислей алмайды. Буған пүткил халқымыз, жәмийетимиз беккем кирисиўи керек. Келешегимиз – мектепте, билимлендириўде, билимде, – деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.
Жуўапкерлерге мәжилисте додаланған мәселелердиң орынланыўы бойынша қарар жойбарын таярлаў ўазыйпасы қойылды.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги