Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Кеелеси жылғы ўазыйпалар белгилеп берилди

2021-12-30 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында  30-декабрь күни келеси жылда экономика тармақлары ҳәм коммуналлық тараўдың турақлы ислеўин тәмийинлеў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Жыл аўыр келгенине қарамастан, экономикада унамлы нәтийжелерге ерисилгени  атап өтилди. Атап айтқанда, быйылғы жылы жалпы ишки өним 7 процентке, санаат 9,5 процентке, хызметлер  20 процентке, қурылыс тараўы 6 процентке, аўыл хожалығы 4 процентке өскен. Инфляция дәрежеси  10 проценттен  төмен болған.

Экспорт көлеми 16,5 миллиард долларды қурап,  өткен жылға салыстырғанда  дерлик 1,3 миллиард долларға артты. Улыўма баҳасы 12,4 миллиард долларлық  318 ири ҳәм 14 мың аймақлық  жойбарлар иске қосылды. Социаллық қорғаўға мүтәж халықтың турмыс шараяты жақсыланды.

Мәжилисте келеси жылы да экономиканың турақлы өсиўин тәмийинлеў бойынша ўазыйпалар көрсетип өтилди. Атап айтқанда, жалпы ишки өним ҳәм санаатты 7 проценттен жоқары, хызметлерди дерлик 30 процентке арттырыў мақсет етилген.

Мәмлекетимиз  басшысы жаңа жылдың басынан-ақ барлық тармақ ҳәм аймақлар системалы ислеп, бул мақсетлерге ерисиў ушын беккем тийкар жаратыў керек екенлигин атап өтти.

Халқымыз дастурханының молшылығын тәмийинлеў мақсетинде қыс айларында тийкарғы түрдеги аўыл хожалығы өнимлерин базарларға турақлы жеткерип бериў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Электр энергиясы, тәбийғый газ, ыссылық тәмийнаты, коммунал, денсаўлықты сақлаў ҳәм  өрт  қәўипсизлиги системаларының турақлы ислеўи әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Қәнийгели медициналық хызмет көрсетиў, жәмийет, өрт ҳәм ҳәрекет қәўипсизлигиниң жумысын  муўапықластырыў бойынша да көрсетпелер берилди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться