Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Химия санаатындағы перспективалы жойбарлар көрип шығылды
2021-11-18 | Сиясат
Президент Шавкат Мирзиёев 17-ноябрь күни химия санаатындағы әмелге асырылып атырған жумысларды таллаў ҳәм жаңа жойбарларды додалаў бойынша мәжилис өткерди.
Мәмлекетимиз экономикасында алып барылып атырған структуралық өзгерислер бүгин өз нәтийжелерин бермекте. Атап айтқанда, химия санаатында кейинги бес жылда улыўам баҳасы 2 миллиард 100 миллион доллар муғдарында 16 инвестициялық жойбар әмелге асырылып, 3 мың жаңа жумыс орны жаратылды. Және бир әҳмийетли тәрепи, тараўға жеке меншик сектор кирип келип, олар тәрепинен 45 миллион долларға тең 8 жойбар иске қосылды.
Усы бес жылда химия санаатында ислеп шығарыў 1,5 есеге, экспорт көлеми 190 миллион доллардан 310 миллион долларға көбейди. Кәрханалардың улыўма сап пайдасы 8 еседен зыят өсип, усы жылдың жуўмағы менен 1 триллион сумнан артыўы күтилмекте.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 13-февральдағы қарарына муўапық келешекте Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент, Наўайы ҳәм Ферғана ўәлаятларында жоқары баҳалы товарлар ислеп шығарыўға қаратылған 4 технологиялық химия кластерлериниң жумысын жолға қойыў режелестирилген. Оларда углерод, полиэфир ҳәм ацетат талшығы, поливинилацетат, калий нитраты сыяқлы 20 дан аслам өним ислеп шығарылады. Мәжилисте бул кластерлер ҳәм перспективалы жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Мәмлекетимиз басшысы бул жойбарлар тармақтағы үлкен имканиятларға салыстырғанда жетерли емес екенлигин, инвестиция тартып, өнимлерди көбейтиў мүмкин екенлигин атап өтти.
Келеси жылы өндирис көлемин 12 триллион сумға, экспортты 380 миллион долларға жеткериў имканиятлары көрип шығылды. Тараўды санластырыў, кәрханаларда операциялық қәрежетлер ҳәм энергияның жумсалыўын қысқартыў арқалы өнимниң өзине түсер баҳасын азайтыў ўазыйпасы қойылды.
Атап өтилгениндей, улыўма баҳасы 740 миллион доллар муғдарында 4 ири жойбар бойынша қурылыс жумыслары басланады. Сондай-ақ, келеси жылы суйық комплексли төгинлер, карбамид формальдегид смоласы, гидроксипропил-метилцеллюлоза, кальций хлорид сыяқлы жаңа түрдеги өнимлерди ислеп шығарыў жолға қойылады. Жуўапкерлерге бул жойбарлардың орынланыўын турақлы қадағалаўға алыў бойынша көрсетпе берилди. Кәрханаларды трансформациялаў, оларға заманагөй технологиялар ҳәм басқарыў системасын енгизиў жумысларын избе-из даўам еттириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Жаңа кәрханаларды кадрлар менен тәмийинлеў де әҳмийетли мәселе. Усы мақсетте келеси жылы 6 мың жоқары ҳәм орта буўын қәнигелерди таярлаў көзде тутылған. Тармақтағы 6 кәрхана негизинде оқыў орайлары ҳәм Шыршық қаласында жумысшы-қәнигелер таярлаў комплексин иске қосыў белгиленген.
Қәнигелерди химия санаатының бүгинги раўажланыўы ҳәм жумыс бериўшиниң талаплары тийкарында таярлаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Мәжилисте белгиленген ўазыйпалар бойынша тийисли ҳүжжетлер қабыл етилип, орынланыўы тәмийинленеди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги