Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Айдар-Арнасай көллер системасында экотуризм раўажландырылады
2021-11-09 | Туризм
Мәмлекетимиз басшысы 8-ноябрь күни Айдар-Арнасай көллер системасында экологиялық турақлылықты сақлаў ҳәм экотуризмди раўажландырыў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.
Бул ҳаққында Шавкат Мирзиёев Наўайы ҳәм Жиззақ ўәлаятларында болған сайлаўалды ушырасыўларында айтқан еди. Мәжилисте бул бағдардағы анық режелер ҳәм ерисилитетуғын нәтийжелер көрип шығылды.
Аймақта экотуризмди раўажландырыў ушын, бәринен бурын, суў көлеминиң турақлылығын тәмийинлеў, биокөптүрлиликти сақлаў керек екенлиги атап өтилди. Көллер әтирапында қосымша туристлик зоналар ҳәм дем алыў орынларын қурыў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Соның менен бирге, Айдар-Арнасай көллер системасының имканиятларынан кеңнен пайдаланған ҳалда бул жерде балықшылықты және де раўажландырыў кереклиги айрықша атап өтилди. Ҳәзирги күнде бул аймақтан жылына тек ғана 4 мың тонна балық аўланбақта. Шараят жаратыў ҳәм жумысларды системалы шөлкемлестириў есабынан, бул көрсеткишти 20 мың тоннаға жеткериў ҳәм сол арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыў мүмкин. Соның ушын, исбилерменлерди тартып, көллерди ижараға берген ҳалда, кластер усылында балық жетистириў бойынша көрсетпелер берилди.
Усындай жойбарларды көбейтиў, кредитлер ажыратып, ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Айдар-Арнасай көллер ситемасының экологиялық жағдайын жақсылаў бойынша бағдарлама қабыл етиў ўазыйпасы қойылды. Оның шеңберинде көллер системасында суў көлемин турақлы сақлаў ҳәм шорланыў дәрежесин азайтыў илажлары көриледи. Жағалықлар бойындағы 800 гектар жерге тереклер ҳәм путалар егиледи.
Аймақта экологиялық қәўипсизликти күшейтиў, броконьерлик ҳәм басқа да ҳуқықбузарлықтың алдын алыў бойынша да тапсырмалар берилди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги