Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Президенти ЕАЭА ҳәм ҒМДА саммитлеринде шығып сөйлейди

2021-10-14 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 14-15-октябрь күнлери ЕАЭА ҳәм ҒМДАның видеобайланыс түриндеги саммитлериниң жумысында қатнасады.

14-октябрь күни мәмлекетимиз басшысы Қазақстан басшылығында өткерилетуғын Жоқары Евроазия экономикалық кеңесиниң гезексиз мәжилисинде бақлаўшы статусында шығып сөйлейди.

Россия, Беларусь, Қазақстан ҳәм Қырғызстан Президентлери, Армения Бас министри кеңес ағзалары болып есапланады. Мәжилисте бақлаўшы сыпатында Куба Президентиниң де шығып сөйлеўи күтилмекте.

Мәжилис күн тәртибине муўапық Евроазия экономикалық аўқамы шеңбериндеги көп тәреплеме саўда-экономикалық бирге ислесиўди және де беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылады.

Өзбекстан жетекшиси өзиниң шығып сөйлеўинде ЕАЭА менен әмелий бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарларын белгилеп береди.

Шөлкем жанындағы бақлаўшы мәмлекет статусы мәмлекетимизге өткен жылы декабрь айында берилгенин атап өтиў орынлы. Быйыл апрель айында Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети ҳәм Евроазия экономикалық комиссиясы арасында бирге ислесиў ҳаққындағы меморандум және 2021-2023-жылларға мөлшерленген Биргеликтеги илажлар режеси қабыл етилди.

15-октябрь күни болса Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Мәмлекетлик басшылары кеңесиниң юбилей мәжилиси болып өтеди. Оның жумысында Армения, Беларусь, Молдова, Әзербайжан, Россия, Тәжикстан, Түркменстан, Қырғызстан, Қазақстан ҳәм Өзбекстан жетекшилериниң қатнасыўы нәзерде тутылған.

Беларусь басшылығында өткерилетуғын илажда шөлкемниң 30 жыллық жумысындағы көп тәреплеме бирге ислесиў жуўмақлары, сондай-ақ, саўда, инвестициялар, санаат кооперациясы. транспорт, миграция, мәдений-гуманитарлық алмасыў тараўларындағы шерикликти және де кеңейтиў бағдарындағы биргеликтеги режелер көрип шығылады.

Қәўипсизликке қәўип салып атырған заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў және кең регионда турақлы раўажланыўды тәмийинлеў мәселелери додаланады.

Дослық Аўқамына  басшылыққа жәрдем етип атырған Өзбекстан Президенти ҒМДАны раўажландырыўдың узақ мүддетли концепциясының мақсет ҳәм ўазыйпаларына ерисиў бойынша бир қатар әҳмийетли басламаларды алға қояды.

Илаж жуўмағында ҒМДА мәканында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған көп тәреплеме ҳүжжетлер топламы қабыл етиледи.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться