Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Түркменстан Президенти рәсмий сапар менен Өзбекстанға келеди
2021-10-04 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола, Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов быйыл 4-5-октябрь күнлери рәсмий сапар менен мәмлекетимизде болады.
Болажақ жоқары дәрежели ушырасыўдың күн тәртибине Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын кеңейтиў ҳәм беккемлеў мәселелери киргизилген.
Тийкарғы итибар саўда, транспорт ҳәм транзит, энергетика тараўларындағы экономикалық бирге ислесиўди және де кеңейтиў, санаат, аўыл ҳәм суў хожалығында кооперациялық жойбарларды алға қойыў, еки мәмлекет аймақлары арасындағы байланысларды жеделлестириў, мәдений-гуманитарлық алмасыў бойынша биргеликтеги бағдарламаларды әмелге асырыўға қаратылыўы күтилмекте.
Мәмлекет басшылары халықаралық сиясат ҳәм регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери бойынша да пикир алысады.
Сапар шеңберинде бир қатар еки тәреплеме илажлар, соның ишинде Экономикалық форум өткерилиўи режелестирилген.
Сөйлесиўлер жуўмағында мәмлекет басшыларының Биргеликтеги билдириўин қабыл етиў, көп қырлы шерикликти жеделлестириўге қаратылған ҳүжжетлер ҳәм шәртнамалардың салмақлы топламына қол қойыў нәзерде тутылған.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги