Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Конференцияда әҳмийетли декларация қабыл етилди

2021-09-18 | Мәденият

Усы жыл 17-сентябрь күни Нөкис қаласында «Археология ҳәм туризм: потенциалды анықлаў ҳәм мийрасты басқарыў» темасында халықаралық археологиялық конференция болып өтти.

Конференция Өзбекстан туризм ҳәм спорт министрлиги, UNESCO мәселелери бойынша Өзбекстан Республикасының Миллий Комиссиясы ҳәм Халықаралық Орайлық Азия изертлеўлери халықаралық институты тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қоллап-қуўатлаўы менен шөлкемлестирилди.

Конференцияда дүньяның елиўден аслам белгили қәнигелери, археология ҳәм тарийхый-мәдений мийрас тараўы илимпазлары менен әмелиятшылар қатнасты.

Конференцияның ашылыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, туризм ҳәм спорт министри Азиз Абдуҳакимов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Мурат Камалов, UNESCO ның Өзбекстан Республикасындағы офиси Баслығы Александрос Макаригакислер шығып сөйлеп, конференция жумысларына табыслар тиледи.

Археология ҳәм туризм тараўында әмелге асырылып атырған, сондай-ақ, ислениўи зәрүр болған жумыслар туўралы мағлыўматлар берилип, пикир-усыныслар билдирилди.

Атап өтилгениндей, конференцияны өткериўге түртки болған тийкарғы себеплердиң бири – Өзбекстан Республикасының тарийхый-мәдений мийрасын, атап айтқанда, археологиялық естеликлерин изертлеў, сақлаў, олардан пайдаланыў, үгит-нәсиятлаў ҳәм турақлы басқарыў жолындағы изленислер, умтылыслар болып табылады. Республикада жүргизилип атырған комплексли жумысларды сәўлелендириўши ең әҳмийетли қәдемлердиң бири  сыпатында UNESCOның Пүткил жер жүзилик мийрасы дизимине киргизилген тарийх ҳәм мәденияттың бийбаҳа объектлери ушын бир неше номинацияларды таярлаў болды. Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан изертлеўшилерин бирлестирген «Уллы Жипек Жолы: Зарафшан-Қарақум коридоры» ҳәм «Әййемги Хорезм мийрасы» трансмиллий дүркин номинациялары», сондай-ақ, Өзбекстан Республикасынан «Миздахқанның үш төбешиги» индивидуал номинациясы усылардың қатарына киреди.

Конференция мәмлекетимиз көлеминде жүргизилип атырған илимий-изертлеўлер дөгерегинде археологиялық мийрасты үйрениў ҳәм сақлаў машқалаларын ҳәр тәреплеме ҳәм терең додалайтуғын Орайлық Азия ушын айрықша майданша ўазыйпасын атқарады. Оғада үлкен потенциалға ийе болған археологиялық естеликлер мәдений туризмниң миллий, аймақлық ҳәм халықаралық көлемлерде раўажланыўының катализаторы бола алады.

Шығып сөйлеген баянатшылардың темаларында илимий ҳәм мәдений пикир алысыўлар, халықаралық қарым-қатнас ҳәм бирге ислесиўди орнатыў, сондай-ақ, тарийхый-мәдений мийрастың жәмийетлик ҳәм гуманитар илимлердиң раўажланыўына қосатуғын үлеси сыяқлы бағдарлар қамтып алынды. Археология илиминде мәмлекетлик басқарыў ҳәм жеке сектордың роли, естеликлерди сақлаў ҳәм археологиялық жумысларды раўажландырыў, материаллық ҳәм материаллық емес мәдений мийрасларды сақлаў, үйрениў ҳәм басқа да жумысларды әмелге асырыўда жүзеге келип атырған машқалалар, әмелге асырылып атырған илажлар туўралы мағлыўматлар берилип, пикир-усыныслар билдирилди.

Соң конференция қатнасыўшылары бес секцияға бөлинип, өз жумысларын даўам етти. Секцияларда геомәдений брендти жаратыў ҳәм археологиялық мийрасты басқарыў, ҳәзирги илимий изертеўлер, UNESCO, туризм, турақлы раўажланыў, экономикалық тармақлар ҳәм миллий идеяларға байланыслы мәселелер бойынша баянатлар тыңланып, археологиялық изертлеў жумысларындағы әҳмийетли машқалалар додаланды.

– Бул халықаралық археологиялық конференция – пүткил Орайлық Азия ушын әҳмийетли ўақыя. Онда оғада әҳмийетли ҳүжжетти – «Орайлық Азияның археологиялық мийрасын басқарыў принциплери декларациясын» додалаў ҳәм қабыллаў мәселелери көрилди,-дейди Өзбекстан Республикасы  Бас министриниң орынбасары А.Абдуҳакимов. – Бул регион тарийхында усы бағдардағы дәслепки баслама болып, бул барлық археологиялық мийрасты үйрениў, оны халықаралық дәрежеде ғалаба ен жайдырыў жолында Орайлық Азия еллерин бирлестириўге хызмет етеди.

– Мениң бул конференциядағы баянатым археологиялық табылмалардың консервациясындағы машқалаларға бағышланған,– Бул конференциядан биз, археологиялық илимий-изертлеўлер, мәдений мийрасты сақлаў, изертлеў мәселелеринде ушырасып атырған бир қатар жумыслар туўралы мағлыўматларға ийе болып, пикир алыстық. Конференцияда билдирилген пикир-усыныслар тийкарында қабыл етилген шешимлер, бирге ислесиў бойынша келисимлер усы тараўда илимий-изертлеў жумысларын алып барып атырған илимпазлар ушын оғада пайдалы. Регионда археологиялық изертлеўлердиң және де алға илгерилеўине үлкен жәрдемин береди -дейди Қазақстандағы Павлодар университетинен келген қәниге Татьяна Круп.

Конференцияда археологиялық естеликлер бойынша арнаўлы  декларация қабыл етилди.

Ә.Жиемуратов

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться