Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан – Түркменстан: Санаат кооперациясы ҳәм саўда көлеми кеңейеди

2021-09-15 | Экономика

Түрксменстан Министрлер Кабинети Баслығының орынбасары Эсенмират Оразгелдиев басшылығындағы усы мәмлекет делегациясы 13-14-сентябрь күнлери мәмлекетимизде болды.

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри С.Умурзоқов 14-сентябрь күни Түркменстан Министрлер Кабинети Баслығының орынбасары Э.Оразгелдиев пенен ушырасты.

Ушырасыўда еки мәмлекет арасындағы көп қырлы бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм оны кеңейтиў перспективалары додаланды.

Соңғы 4 жыл даўамында Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасында өз-ара саўда айланысының көлеми 3 есеге артқаны айрықша атап өтилди. Бундай нәтийжеге аўыл хожалығы, мийўе-овощ, фармацевтика ҳәм тоқымашылық өнимлери, қурылыс материаллары, нефть өнимлери, электр энергиясы ҳәм басқа да товарлар жеткерип бериўдиң өсиўи есабынан ерисилгени атап өтилди.

Тәреплер биргеликтеги инвестициялық жойбарларды көбейтиў, санаат кооперациясын раўажландырыў ҳәм еки мәмлекет арасындағы саўда айланысын арттырыў бойынша әмелий илажларды көриўге өз-ара таяр екенин билдирди. Жаңа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм өз-ара пайдалы саўда шәртнамаларын дүзиў бойынша усынысларды ислеп шығыў мақсетинде еки мәмлекеттиң тийисли министрликлери ҳәм уйымлары арасында бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша келисимге ерисилди.

Еки мәмлекеттиң аймақларында автомобильлер, аўыл хожалығы ҳәм турмыслық техника ҳәм таяр тоқымашылық ҳәм былғары-аяқ кийим өнимлери, қурылыс материалларын ислеп шығарыў, аўыл хожалығы өнимлерин терең қайта ислеўди шөлкемлестириў бойынша қоспа жойбарларды әмелге асырыў шараятлары белгиленди.

Сондай-ақ, нефть ҳәм нефть өнимлери, электр энергия, химия өнимлерин жеткерип бериўди көбейтиў арқалы өз-ара саўда көлемин арттырыў еки тәреплеме ушын да пайдалы болатуғыны айтып өтилди.

Еки мәмлекеттиң исбилерменлик топарларының бирге ислесиўин арттырыў бағдарындағы ҳәрекетлердиң әҳмийетли екенлиги атап өтилип, жоқары дәрежедеги сапар етиў алдынан Өзбекстан – Түркменстан бизнес форумын шөлкемлестириў бойынша исенимли қарарға келди.

 

С.РАҲИМОВ

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться