Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Кем тәмийинленген шаңарақларға материаллық жәрдем көрсетиў және кәмбағаллық пенен гүресиў көлемин және де кеңейтиў илажлары ҳаққында
2021-08-12 | Ҳүжжетлер
Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Бала тәрбиялап атырған шаңарақларды қоллап-қуўатлаў системасының нәтийжелилигин арттырыў, социаллық қорғаў ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақлардың материаллық тәмийнатын күшейтиў, мүтәж шаңарақларды анықлаўда улыўма тән алынған халықаралық стандартларды ҳәм автоматласқан ашық-айдын электрон баҳалаў механизмлерин енгизиў арқалы напақаларды төлеў системасын балалардың имканиятын раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыўға қаратыў мақсетинде:
а) 14 жасқа шекемги балалары болған шаңарақларға напақа және бала 2 жасқа толғанына шекем оны тәрбиялаў напақасы орнына кем тәмийинленген шаңарақларға балалар напақасы (кейинги орынларда-балалар напақасы) енгизиледи. Онда, балалардың напақасын тайынлаўда:
инабатқа алынатуғын балалардың жасы 14 жастан 18 жасқа шекем арттырылады;
төлеў мүддети 6 айдан 12 айға шекем созылады;
оның муғдарын шаңарақтағы балалар санынан келип шығып белгилеў тәртиби қолланылады;
б) жеке-жалғыз болған пуқараларға, перзенти болмаған ямаса барлық перзентлери 18 жастан үлкен болған кем тәмийинленген шаңарақларға материаллық жәрдем тайынланады.
а) балалар напақасының ҳәр айлық муғдары:
255 000 сум – 3 жастан 18 жасқа шекемги бир перзенти ушын, 325 000 сум – жасы 3 жасқа шекемги бир кишкене перзенти ушын;
150 000 сум – шаңарақтың екинши перзенти ушын қосымша;
100 000 сумнан – шаңарақтын үшинши ҳәм оннан кейинги ҳәр бир перзенти ушын;
б) кем тәмийинленген шаңарақлар ушын материаллық жәрдемниң айлық муғдары- 380 000 сум.
Онда, 2021-жыл 1-сентябрьге шекем тайынланған 14 жасқа шекемги балалары болған шаңарақларға напақа, бала 2 жасқа толғанына шекем оны тәрбиялаў напақасы және кем тәмийинленген шаңарақларға материаллық жәрдемди төлеў мүддетлери тамамланғанына шекем, усы түрдеги напақалар ҳәм материаллық жәрдемниң әмелдеги муғдарлары және оларды төлеў мүддетлери сақлап қалынады.
Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) Мәлимлеме технологиялары ҳәм қоммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (Ш.Садиков) менен биргеликте «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасы мағлыўматлар базасындағы кем тәмийинленген деп тән алынған шаңарақлар ҳәм шахслар ҳаққындағы мағлыўматлар министрликлер ҳәм уйымларға «Электрон ҳүкимет» системасы уйымлараралық интеграцияласыў платформасы арқалы берилиўи және мәлимлеме алмасыўының нәтийжели ислеўин тәмийинлесин.
кем тәмийинленген балалы шаңарақларға напақаны және кем тәмийинленген шаңарақларға материаллық жәрдемди тайынлаў ҳәм төлеў тәртиби;
минимал тутыныў қәрежетлериниң баҳасын есаплаў тәртиби.
9.Қаржы министрлиги бир ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
Пәрманның орынланыўын додалап барыў, жуўапкер орынлаўшы шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.
Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине 2021-жыл 1-ноябрь ҳәм 2022-жыл 1-апрельге шекем мәлимлеме берилсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2021-жыл 11-август
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги