Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Дөретиўшилик мектебинде тест сынақлары болып өтти

2021-07-26 | Билимлендириў

Нөкис қаласындағы Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебиниң 7-класына 2021-2022-оқыў жылы ушын билимли, қәбилетли оқыўшыларды қабыл етиў мақсетинде кириў имтиханларының екинши басқышы, яғный тест сынақлары болып өтти.

Елимизде жаслардың қәбилетлерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың илим-билим ийелеўге болған умтылысларын қоллап-қуўатлаў, талантын жүзеге шығарыў, үзликсиз билимлендириў системасын буннан былай да жетислистириўге айрықша әҳмийет берилмекте.

Президентимиздиң басламасы менен ашылған Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебиниң таңлап алыў имтиханлары екинши басқышта әмелге асырылды. Биринши басқышта Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамлары менен биргеликте талабанлардың дөретиўшилик қәбилети жазба ҳәм аўызша үйренилди. Екинши басқышта болса, Мәмлекетлик тест орайы менен биргеликте ана тили ҳәм әдебияты, инглиз тилинен тест сынақлары өткерилди.

-Халық дәстанларына, көркем әдебиятқа болған қызығыўшылығым Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебине жетелеп келди,-дейди Мойнақ районынан Рамазан Бахиев.-Әрманым усы мектепте билим алып, дөретиўшилигимди даўам еттириў болып табылады.

Дөретиўшилик мектебинде кириў имтиханларында жәми 93 оқыўшы қатнасты. Олардың арасынан ең билимли ҳәм қәбилетли деп табылған 12 оқыўшы 7-классқа қабыл етиледи.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться