Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Миннетдаршылық
2021-07-26 | Сиясат
Туўылған күним мүнәсибети менен шын жүректен қутлықлап, қызғын қутлықлаўлары менен жақсы тилеклерин жоллаған сырт елдеги мәмлекетлик ҳәм ҳүкиметлик, халықаралық шөлкемлердиң басшыларына, сырт еллердиң сиясий ҳәм жәмийетлик ғайраткерлерине, исбилермен шеңберлердиң ўәкиллерине, елимиздеги мәҳәллелер ҳәм мийнет жәмәәтлерине, ҳәр қыйлы кәсип ийелери болған барлық ўатанласларымызға терең миннетдаршылығымды билдиремен.
Сөзсиз, мен ушын оғада қәдирли болған бул қутлықлаў ҳәм тилеклерди көп миллетли Өзбекстан халқы ҳәм мәмлекетине жоқары ҳүрмет-иззет белгиси, елимиздиң дүнья көлеминде артып баратырған абырай-мәртебеси менен статусының және бир тән алыныўы сыпатында қабыл етемен.
Жанажан елимизде кең көлемли демократиялық өзгерислерди әмелге асырыўда шешиўши күш болып киятырған мийнеткеш, мәрт ҳәм уллы мәртебели халқымызға және бир мәрте өзимниң шексиз перзентлик меҳрим ҳәм ҳүрметимди билдириўден жүдә қуўанышлыман.
Халқымыздың пидәкерлик мийнети, үлкен дөретиўшилик потенциалы ҳәм аўызбиршилиги менен жаңа Өзбекстанды қурыў, елимиздиң тыныш-татыў турмысы ҳәм абаданлығын тәмийинлеў бойынша өз алдымызға қойған уллы ийгиликли мақсетлерге жететуғынымызға, әлбетте, исенемен.
Терең ҳүрмет пенен,
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги