Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Электрон хызметлерди көбейтиў бойынша көрсетпелер берилди
2021-07-14 | Сиясат
Президент Шавкат Мирзиёев 13-июль күни санлы технологияларды енгизиў илажларына байланыслы презентация менен танысты.
Мәмлекетимизде мәлимлеме технологияларын избе-из раўажландырып, халыққа қолайлықлар кеңейтилмекте. Бүгинги күнде Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы 253 түрдеги хызметлер көрсетилмекте. Усы жылы оларды және 60 қа көбейтиў, 50 ден аслам хызметлерди әпиўайыластырыў мөлшерленген.
Ең әҳмийетлиси, бул жумыслар немқурайдылық, бюрократия ҳәм коррупцияны азайтып, ўақыт ҳәм қаржыларды үнемлеў, өнимдарлықты арттырыўға хызмет етпекте.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 5-октябрьдеги пәрманы менен «Санлы Өзбекстан – 2030» стратегиясы тастыйықланған еди. Усы стратегияға муўапық, 2020-2022-жылларда аймақлар ҳәм тармақларды санлы трансформациялаў бағдарламалары әмелге асырылмақта. Соның ишинде, тармақлар бойынша 443 жойбар ислеп шығылып, бүгинги күнге шекем 194 и енгизилди. Аймақларда бағдарламадағы 1 мың 643 жойбардан 1 мың 172 си енгизилди.
Мысал ушын, «Өзтрансгаз»да шәртнамаларды басқарыў бойынша мәлимлеме системасының енгизилгени нәтийжесинде қәрежетлер 30 миллиард сумға қысқарған. Сондай-ақ, 360 түрдеги мәмлекетлик бажыларды Бирден-бир интерактив электрон биллинг арқалы төлеў жолға қойылғаны есабынан 24 миллиард сум қаржылар үнемленген.
Улыўма етип айтқанда, усы жылдың биринши ярымында санлы экономика тараўында көрсетилген хызметлердиң көлеми 7 триллион 200 миллиард сумды, компьютер программаластырыў хызметлериниң экспорты 17 миллион 500 мың долларды қураған.
Бирақ, бул тараўда раўажланыўдан артта қалып атырған тармақ ҳәм аймақлар да бар. Санластырыў рейтинги 65 шөлкем, 116 район ҳәм қалаларда жумыслардың төмен шөлкемлестирилгенин көрсетпекте.
Презентацияда мәмлекетимиз басшысы жойбарларды жеделлестириў, аймақларда электрон хызметлердиң көлемин кеңейтиў бойынша зәрүр көрсетпелер берди.
– Соңғы жылларда исленген жумыслар, әлбетте, өз нәтийжесин берди, хызметлер қолайлы ҳәм адамларға жақын болды. Бирақ санлы технологиялар күн сайын өзгерип, жаңадан-жаңа имканиятлар ашылмақта. Соның ушын ҳәр бир министрлик, мәмлекетлик уйым ҳәм аймақларда жаңа бағдарламаларды енгизиў бойынша «жол картасы»н ислеп шығыў керек, – деди Шавкат Мирзиёев.
Санлы экономика хызметлерин 16 триллион сумға, компьютер программаларының экспортын 40 миллион долларға жеткериў мүмкин екенлиги айтып өтилди.
Мобиль қосымша арқалы көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлердиң санын 100 ге жеткериў, атап айтқанда, коммунал тараў, кадастр, салық, бажыхана, пенсия ҳәм мийнетке байланыслы мағлыўматларды алыўда қолайлықларды арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Жуўапкерлерге министр порталы, ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкимлериниң порталларын қәлиплестириў, олардағы мағлыўматларды турақлы талланатуғын система жаратыў бойынша тапсырмалар берилди.
«Алоқабанк» акционерлик коммерциялық банкине қарыйдарлар ушын барлық хызметлерди жәмлестирген бирден-бир платформа жаратыў, мәлимлеме технологиялары тараўындағы стартап жойбарларды финанслық қоллап-қуўатлаў ўазыйпасы қойылды.
Мәмлекетлик ҳәм хожалық уйымлары хызметкерлериниң санлы технологиялар бойынша билимданлығын арттырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги