Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Аўыл хожалығы машина қурылысы ҳәм химия санаатындағы жойбарлар көрип шығылды

2021-07-06 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёев 5-июль күни аўыл хожалығы машина қурылысы және химия санаатындағы жойбарлар презентациясы менен танысты.

Буннан бир жыл алдын, 8-июль күни Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң аўыл хожалығы машина қурылысы шөлкемлери жумысының  нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы  қарары қабыл етилген еди. Оған муўапық, Ташкент аўыл хожалығы техникасы заводы, Агрегат заводы, Шыршық аўыл хожалығы техникасы заводы ҳәм «Технолог» акционерлик жәмийетлериниң устав капиталындағы мәмлекетлик үлеслери үш жыл мүддетке  «Өзавтосанаат» акционерлик жәмийетине исенимли басқарыўға берилген еди. Тармақ кәрханаларының рентабеллигин арттырыў, өнимлериниң сапасын жақсылаў ҳәм өзине түсер баҳасын азайтыў ўазыйпалары белгиленген еди.

Өткен дәўирде Ташкент аўыл хожалығы техникасы заводындағы өндирислик  майданлар  68 процентке  оптималластырылып, үскенелерден пайдаланыў  нәтийжелилиги арттырылды. Нәтийжеде өнимниң өзине түсер баҳасы 4 процентке азайды ҳәм дерлик 45 миллиард сум үнемленди. Сырт ел ислеп шығарыўшылары менен сөйлесиўлер өткерилип, 80-100 ат күшине ийе болған тракторлардың баҳалары 15-20 процентке арзанластырылды.

Минск трактор заводы менен бирге ислесиў орнатылды. Бул шериклик шеңберинде Өзбекстанда ҳәр жылы 3 мың трактор ислеп шығарыў нәзерде тутылмақта.

Соның менен бирге, кәрханалардың технологиялық ҳәм өндирислик потенциалын арттырыў, аўыл хожалығын заманагөй техникалар менен тәмийинлеў бойынша еле ўазыйпалар көп. Тармақта бар қуўатлықлардан пайдаланыў дәрежеси 19 процент, локализациялаў орташа 20 процент екени улыўма қанаатланарлы емес. Жергиликли техникалардың баҳасы импорт техникаларға салыстырғанда 10-15 процентке қымбат.

Сонлықтан презентацияда аўыл хожалығы машина қурылысы кластерин шөлкемлестириў, қуўатлықлардан пайдаланыў ҳәм локализациялаў дәрежесин арттырыў илажлары додаланды.

Ташкент қаласында жайласқан тармақ кәрханаларын Шыршық қаласына көшириў ҳәм олардың негизинде аўыл хожалығы машина  қурылысы кластерин шөлкемлестириўге байланыслы мәселелер көрип шығылды.

Режеге бола, Ташкент ҳәм Шыршықтағы аўыл хожалығы техникасы заводлары, Агрегат заводы, «Технолог» ҳәм «ӨзКлаас Агро» кәрханалары санаат кластери усылында бир жерде жайластырылады. 1 мың 200 үскене, 28 түрдеги техника оптималластырылып, өндирис қуўатлылығынан пайдаланыў 85 процентке, локализациялаў 50 процентке жеткериледи. Нәтийжеде өндиристиң өзине түсер баҳасы 20 процентке азайып, кәрханалардың рентабеллик дәрежеси 10 процентке артыўы күтилмекте.

Қаржы министрлигине кластерди шөлкемлестириўге байланыслы дәслепки қәрежетлер ушын 500 миллиард сум ажыратыў ўазыйпасы қойылды. Бул қаржы тармақ кәрханаларының имарат-объеклери ҳәм майданлары аукцион саўдаларында сатылыўы есабынан қайтарылады.

Президентимиз локализациялаў бағдарындағы жумысларды даўам еттирип, техникалардың баҳасын арзанлатыў бойынша көрсетпелер берди. Атап айтқанда, Минск трактор заводы менен биргеликте ислеп шығарылатуғын тракторларды локализациялаў дәрежесин келеси  жылы 40 ҳәм 2023-жылы 50 процентке, «ӨзКлаас Агро» бойынша бул көрсеткишти 25 процентке шекем жеткериў ўазыйпасы қойылды.

Соның менен бирге, жергиликли техникаларды сатып алыўы ушын фермер хожалықлары ҳәм кластерлерге жеңиллик жаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Сол мақсетте лизингтиң басланғыш төлемин 25 проценттен 15 процентке ҳәм процент ставкасын 16 проценттен 7 процентке түсириў және лизинг мүддетин 5 жылдан 7 жылға созыў усынысы билдирилди.

Халықаралық тәжирийбени үйренип, аўыл хожалығы техникасына сервис хызметин көрсетиў системасын жетилистириў бойынша да тапсырмалар берилди.

Презентацияда химия кластерлерин шөлкемлестириўге байланыслы жойбарлар да көрип шығылды.

Атап айтқанда, «Наўайыазот» акционерлик жәмийети негизиндеги кластерде улыўма баҳасы 3 миллиард 400 миллион долларлық 23 жойбар әмелге асырылыўы режелестирилген. Олардың нәтийжесинде жылына 1 миллиард 800 миллион долларлық өним таярлаў қуўатлылығы ҳәм 3 мың 100 ден аслам жумыс орны жаратылады.

Жойбарлардан бири – карбамид – формальдегид концентраты ҳәм смоласы өндирис кәрханасы жақында иске қосылды. Сульфат кислотасы бойынша және бир жойбар да усы жылы пайдаланыўға тапсырылады.

Сондай-ақ, Наўайы қаласындағы «Электрохимиязаводы» биргеликтеги кәрханасында углерод талшықларын ислеп шығарыў жойбары әмелге асырылады.

Презентацияда пайтахтымыздың Улуғбек қалашасында илимий химия кластерин шөлкемлестириў бойынша алып барылып атырған жумыс ҳаққында да мағлыўмат берилди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться