Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан ҳәм Россия басшылары өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелерин көрип шықты

2021-07-06 | Сиясат

5-июль күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де беккемлеў мәселелери додаланды. Халықаралық күн тәртибиниң әҳмийетли тәреплери бойынша да пикир алысылды.

Мәмлекет басшылары еллеримиз арасындағы көп қырлы бирге ислесиў, бәринен бурын саўда-экономикалық тараўдағы шерикликтиң бүгинги пәтин қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Президентлер Аўғанстанның арқа аймақларындағы жағдайдың жаманласыўы мүнәсибети менен Орайлық Азиядағы жағдайдың раўажланыўына айрықша тоқтап өтти. Өзбекстан ҳәм Россияның ўәкилликли уйымлары менен шөлкемлери арасындағы турақлы сөйлесиўлерди даўам еттириўге ҳәм тығыз бирге ислесиўге келисип алынды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться