Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Республикасы ҳәм Қытай Халық Республикасының ҳүкимет басшыларының онлайн ушырасыўы
2021-06-08 | Сиясат
2021-жыл 8-июнь күни Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Ариповтың Қытай Халық Республикасы Мәмлекетлик кеңесиниң Бас министри Ли Кэцян менен видеоконференция тәризинде ушырасыўы болып өтти.
Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Баспасөз хызмети хабар берди. Тәреплер Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қытай Халық Республикасының Баслығы Си Цзиньпин менен телефон арқалы соңғы сөйлесиўлериниң жуўмақлары бойынша еки тәреплеме бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелерин додалады. Бул видеоконференция еки мәмлекет басшысының мәмлекетлеримиз арасындағы көп қырлы байланысларын және де тереңлестириў бойынша өз-ара келисимлерин нәтийжели әмелге асырыўдың логикалық даўамы екени атап өтилди.
Сөйлесиў даўамында Өзбекстан – Қытай кең көлемли стратегиялық бирге ислесиўдиң әҳмийетли тәреплери, соның ишинде, саўда, инвестиция, транспорт ҳәм транзит тараўларында өз-ара әмелий байланысларды кеңейтиў мәселелери көрип шығылды. Қытайдың жетекши компаниялары менен финанслық институтларының қатнасыўында Өзбекстанда перспективалы қоспа жойбарларды избе-из әмелге асырыў додаланды.
Сондай-ақ, илимий, мәдений-гуманитарлық бағдардағы перспективалы бағдарламаларды әмелге асырыў бойынша да пикир алысты. Денсаўлықты сақлаў тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды. ҚХР басшылығына коронавирус пандемиясына қарсы гүресиўде көрсеткен әмелий жәрдеми ҳәм тәжирийбели медицина қәнигелерин Өзбекстанға жибергени ушын қызғын миннетдаршылық билдирилди. Еки мәмлекеттиң илимпазлары менен шыпакерлери тәрепинен коронавирусқа қарсы вакцинаның қоспа клиникалық сынаўлары табыслы өткени ҳәм халықты шаншыўды нәтийжели даўам еттириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Видеоконференция тәризиндеги ушырасыў ашық, исбилерменлик ҳәм дослық руўхында өтти.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги