Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

«Илҳам» сыйлығы таңлаўының жеңимпазлары сыйлықланды

2021-05-21 | Жәмийет

Миллеттиң өзлиги, руўхый келбети оның әдебиятына жәмленген. Мәмлекетимиздиң басшысы Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен қурылған Жазыўшылар қыябаны мине бир жылдан берли халқымыз, әсиресе, жасларды әдебиятқа тартпақта.

Жазыўшылар қыябанында Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен шерик шөлкемлер менен бирге өткерилип атырған әдебият байрамы ҳәптелиги шеңберинде «Илҳам» сыйлығы таңлаўының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти. Бул байрам қызықлы әнжуманлар, викториналар, таңлаўларға, жаслар фестивалларына үйлесип кетти.

Ерте таңнан бул қыябан шайыр ҳәм жазыўшылар, илимпазлар, устазлар, студент-жаслар ҳәм олардың  ата-аналары, мектеп оқыўшылары менен толы болды.

– Мәмлекетимизде миллий әдебиятымызға көрсетилип атырған итибар өзиниң әмелий руўхы ҳәм нәтийжелилиги менен дыққатқа ылайық, – дейди Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы баслығының  биринши орынбасары Нодир Жанузақ. – Бүгин ким болыўына қарамастан, китапқа меҳир қойыў, оның менен досласыў зәрүр екенлигин турмыстың өзи көрсетпекте. Мәмлекетимиз басшының басламасы менен қурылып атырған дөретиўшилик мектеплери, жазыўшы ҳәм шайырларға көрсетилип атырған итибар, китапқумарлықты раўажландырыў бағдарындағы ийгиликли ислер жасларды әдебияттың гөззал әлемине алып кирмекте.

Күн даўамында Жазыўшылар қыябанында пикир-таласлар, әдебий гүрриңлер болды. Студент-жаслар арасында әдебиятқа қызығыўшылықты күшейтиў мақсетинде биринши мәрте шөлкемлестирилген «Илҳам» сыйлығы республикалық таңлаўдың жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болса әдебият байрамына айланып кетти.

– Бул сыйлық жоқары оқыў орынларының студентлери, жас оқытыўшылар ушын енгизилген, – дейди әдебияттаныўшы Баҳодир Карим. – Таңлаў жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими де оғада жоқары дәрежеде өтти. Жойбар жаслардың өз дөретиўшилигине итибарды күшейтиўде, бәсеки оятыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Таңлаўда мәмлекетимиздеги 83 жоқары билимлендириў мәкемесиниң  200 ден аслам жаслары өзиниң дөретиўшилик үлгиси менен белсене қатнасты. Төреши қурамлары келип түскен жумыслардың көркемлик дәрежеси, әҳмийетлилигине итибар қаратты.

Биринши орынға  Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университетиниң магистранты Акрам Маликов мүнәсип болды. Ол «Spark» автомобили менен сыйлықланды. Екинши орын Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў университетиниң топарына берилди. Үшинши орынға Ферғана мәмлекетлик университетиниң магистранты Қобилжон Шерматов ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң таяныш докторанты Малика Палымбетова ийе болды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться