Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстанға коронавирустың «африканша» штаммы кирип келди. Күшейтилген карантин енгизилиўи мүмкин (бе?)
2021-04-17 | Денсаўлықты сақлаў
Бүгин, 17-апрель күни Бас министр Абдулла Арипов басшылығында коронавирусқа қарсы гүресиў комиссиясының кеңейтилген жыйналысы болып өтпекте.
А.Ариповтың атап өтиўинше, ҳәзирги ўақытта кеселлик көбейиўди баслаған – жыл басында күнине 15 жағдай анықланған болса, ҳәзир 300 ге жеткен.
Инфекция 6-7 процентте жоқары оқыў орынларында ҳәм 11-15 процент жағдайда улыўма орта билим бериў мәкемелеринде жуқтырып алынған. Жыл басында «британша» штамм балалар арасында тарқалған болса, ҳәзирги ўақытқа келип «африканша» штамм да Өзбекстанға кирип келген.
Мәлим болыўынша, жақын арада карантин қағыйдаларын күшейтиў бойынша республикалық комиссияның қарары жәрияланыўы мүмкин.
Ислам Матеков
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги