Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Инвестиция ҳәм қала қурылысы жойбарлары таныстырылды
2021-04-13 | Экономика
Президент Шавкат Мирзиёев 12-апрель күни Ташкент қаласында әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлардың презентациясы менен танысты.
Ташкент қаласында 2021-2023-жылларда улыўма баҳасы 10,7 миллиард доллар муғдарында 1390 инвестициялық жойбарды әмелге асырыў ҳәм дерлик 98 мың жумыс орнын жаратыў режелестирилген. Соның ишинде, быйылғы жыл жәми 4,1 миллиард доллар инвестицияларды өзлестириў белгиленген.
Биринши шеректе пайтахтта 1,8 триллион сум муғдарында 130 жойбар иске қосылды ҳәм 2 мыңға шамалас жумыс орны жаратылды. Соның ишинде, санаат бағдарында 55, хызмет көрсетиў тараўында 63, турақ жай қурылысында 12 жойбар әмелге асырылды.
Презентацияда жылдың ақырына шекем әмелге асырылыўы мөлшерленген жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди. Мысал ушын, Мырза Улығбек районында жылына 110 мың тонна металлдан қуйма темир, арматура, угольник, швеллер сыяқлы қурылыс материалларын ислеп шығаратуғын кәрхана шөлкемлестирилди ҳәм 200 жаңа жумыс орны жаратылады.
Жылдың ақырына шекем баҳасы 30 триллион сумнан аслам 847 жойбарды әмелге асырыў ҳәм дерлик 36 мың жумыс орнын жаратыў нәзерде тутылған.
Буннан тысқары, Ташкент қаласында 2021-2023-жылларда 3 миллиард доллар муғдарында экспорт режелестирилген. Быйылғы жылдың өзинде улыўма баҳасы 800 миллион доллардан аслам болған санаат өнимлери, дерлик 70 миллион доллар муғдарында мийўе-овощты экспорт етиў күтилмекте.
Мәмлекетимиз басшысы режелестирилген көрсеткишлер менен шекленбестен, қосымша жойбарларды көбейтиў, экспорттың қурамын диверсификациялаў ҳәм көлемин арттырыў бойынша көрсетпелер берди.
Презентацияда, сондай-ақ, Әндижан қаласы жақынында қурылысы режелестирилген «Жаңа Әндижан» турақ жай массивиниң бас режеси ҳаққында да мағлыўмат берилди.
Әндижан – мәмлекетимизде халықтың ең тығыз жайласқан қалаларынан бири болып есапланады. Қаланың өзинде раўажланыў ушын бос орын жоқ.
Улыўма майданы дерлик 4 мың гектар болған жаңа қаланың бас режесине бола, ол 1439 гектар ҳәр қыйлы қурылмалар, яғный турақ жай, саўда орынлары ҳәм киши санаат зонасы, 1820 гектар жасыл аймақ, 223 гектарлық хызмет көрсетиў аймағы ҳәм 499 гектар жоллардан ибарат болады.
Ең әҳмийетлиси, бул массив халықтың турақ жайлары болмаған, аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын бос жерде қурылады. Турақ жай массиви қурылысы нәтийжесинде 411 мың халық жасаўы мүмкин болған жаңа қалаша пайда болады.
Президент жойбар менен танысып, турақ жайларды пуқта ҳәм сапалы жойбарластырыў, оны әмелге асырыўда жергиликли қәнигелердиң потенциалынан ақылға уғрас пайдаланыў, онда илажы барынша көбирек жасыл аймақлар, парк ҳәм қыябанлардың шөлкемлестирилиўин, халықтың дем алысы ҳәм мийнет етиўи ушын қолайлы шараятларды нәзерде тутыў бойынша тапсырмалар берди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги