Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан-Қырғызстан мәмлекетлик шегарасын делимитациялаў ҳәм демаркациялаў бойынша мәжилис ҳаққында

2021-03-25 | Сиясат

2021-жыл 24–25-март күнлери Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы ҳәм Қырғыз Республикасы ҳүкиметлери делегацияларының Өзбекстан-Қырғызстан Мәмлекетлик шегарасын делимитациялаў ҳәм демаркациялаў бойынша қоспа мәжилиси болып өтти.

Тәреплердиң делегацияларына Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Арипов ҳәм Қырғыз Республикасы Мәмлекетлик миллий қәўипсизлик комитетиниң баслығы Қамчибек Тошиев басшылық етти.

Бул мәжилис 11-12-март күнлери Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров арасында Ташкент қаласында болып өткен саммит жуўмақлары бойынша ерисилген келисимлерге муўапық шөлкемлестирилгенлиги атап өтилди.

Сөйлесиўлердиң жуўмақлары бойынша Өзбекстан – Қырғызстан Мәмлекетлик шегарасын делимитациялаў ҳәм демаркациялаў бойынша қоспа мәжилис ҳаққындағы билдириўге қол қойылды.

Мәжилис ашықлық, дослық ҳәм тилеклеслик руўхында болып өтти.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться