Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ХОРЕЗМДИ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ БОЙЫНША «ӨСИЎ НОҚАТЛАРЫ» БЕЛГИЛЕНДИ
2020-12-13 | Сиясат
Президент Шавкат Мирзиёев мәҳәлле системасында жолға қойылған реформалардың адамлар турмысындағы көринисин көриў, гезектеги режелерди белгилеў, аўыл хожалығы ҳәм санаат кәрханаларының жумысы менен танысыў мақсетинде 12-13-декабрь күнлери Хорезм ўәлаятында болды.
Сапардың екинши күни Үргенш қаласында ўәлаят белсендилери ҳәм тармақлардың жуўапкерлери қатнасыўында мәжилис өткерилди.
Мәмлекетимиз басшысы мәжилис алдында хорезмли дийқан ҳәм фермерлерди, пүткил мийнеткеш халқымызды Аўыл хожалығы хызметкерлери күни менен және бир мәрте қутлықлады.
– Хорезмге быйыл екинши мәрте келип атырмыз. Мақсет – сизлердиң көзлериңизге қарап, ўәлаяттағы әҳмийетли мәселелерди додалаў, және қандай имканиятлар бар, қандай тәртип, қандай жәрдем керек, қандай нәтийже болады, деген сораўларды қойып сөйлесиў. Бәлент пәрўаз гәплер менен экономиканы жүргизип болмайды. Машқаланы билсек қарар дурыс, әдил болады, – деди Президент.
Мәмлекетимиз басшысы «мәҳәлле баслығы – реформашы» принципи тийкарында социаллық машқалаларды шешиў бойынша жаңа системаның енгизилетуғынын атап өтти.
– Президент бир жылда бир келип, көрип кеткени менен нәтийже болып қалмайды. Ҳәр бир ҳәким, экономикалық комплекс басшылары аймақтағы машқалалар бойынша системалы ислеўи керек. Шеттен келип биреў ислеп бермейди. Мине, кеше Хорезмдеги қала ҳәм район ҳәкимлери менен сөйлестим. Қанша қаржы сораса, бердим. Пулымыз көп болғаны ушын емес, мәселени қоя алғаны ушын. Адамлар да бийпәрўа болмаўы керек. Жергиликли кеңеслер, мәҳәллелер талап етиўи керек, – деди Шавкат Мирзиёев.
Мәжилисте ўәлаяттағы социаллық-экономикалық мәселелер сын көзқарастан көрип шығылды. Аўыл хожалығы, өндирис ҳәм хызметлерди раўажландырыў, жумыс орынларын жаратыў, кем тәмийинленгенлерди кәмбағаллықтан шығарыў, мәҳәллелердеги социаллық шараятларды жақсылаў сыяқлы әҳмийетли социаллық-экономикалық мәселелер додаланды. Ҳәр бир қала ҳәм район, мәҳәлллерде бар имканиятлардан келип шығып, «өсиў ноқатлары» белгиленди.
Атап айтқанда, Үргенш қаласында тоқымашылық ҳәм туризм, Ҳийўа қаласында туризм ҳәм қурылыс материаллары, Гүрлен районында тоқымашалық ҳәм ыссыхана хожалығы, Янгибазар районында ыссыхана ҳәм мийўе-овощты қайта ислеў, Топыраққала районында машина қурылысы ҳәм электр техникасы сыяқлы бағдарларды раўажландырыў мүмкин екенлиги атап өтилди. Сол бағдарларда ислеп шығылған жойбарларды әмелге асырыў ушын ҳәр бир аймаққа министрликлер ҳәм банклердиң басшылары бириктирилди. Барлық жойбарлар 16 мыңнан аслам жумыс орнын шөлкемлестириў имканиятын береди.
2021-жылы ўәлаятта шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў, жаслар ҳәм ҳаяллардың бәнтлигин арттырыў мақсетлерине 500 миллиард сум кредит ресурсы ажыратылатуғыны мәлим етилди.
Хорезм ушын драйвер тараўлардан бири – туризм. Соның ушын ўәлаятта мийманхана орынларын көбейтиў, потенциаллы мәмлекетлерден Үргеншке турақлы ҳәм чартер рейслер шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди. Ишки туризмди раўажландырыў ушын транспорт хызметлерин жақсылаў, соның ишинде, Ферғана ойпатлығынан авиа ҳәм темир жол қатнаўын жолға қойып, оның дәслепки дәўиринде 30 процентлик шегирме қолланыў бойынша көрсетпе берилди. Кейин ала бул тәжирийбе Термиз, Самарқанд ҳәм Бухара қалалары бойынша да қолланылады.
Әмиўдәрьяның үстинде Хорезмди Қарақалпақстан менен байланыстыратуғын 413 метрлик көпир, Қараөзек районынан Шават районына шекем 79 километрлик темир жол қурылатуғыны айтылды. Жақын үш жылда 2 мың 370 километр ишки жолларды оңлаў ўазыйпасы қойылды.
Социаллық мәселелерге айрықша итибар қаратылды. Келеси жылы ўәлаят бойынша 2 мың квартиралы 100 көп қабатлы турақ жай қурыў, ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаў бойынша тапсырмалар берилди.
Билимлендириў, медицина, мәденият тараўларын раўажландырыўға байланыслы илажлар белгиленди.
Президент мәжилисте хорезмли жаслар менен өз алдына сөйлести. Ҳәр бирин тыңлап, усыныслары бойынша жуўапкерлерге көрсетпелер берди.
– Қыйын дәўирде, қурамалы шараятта жасап атырмыз. Мине усы шараятта ҳәр бир район, ҳәр бир мәҳәллениң өз орны, шеклери бар. Хорезмниң шеги жоқары болыўы керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Усы күни Президент Шавкат Мирзиёев Үргенш қаласының Ханқа көшесинде қурылып атырған жаңа турақ жайларды барып көрди.
Мәмлекетимиз басшысының жәрдемге мүтәж халықты турақ жайлар менен тәмийинлеўге байланыслы пәрман ҳәм қарарларына муўапық, «Өз қала қурылыс инвест» инжиниринг компаниясының буйыртпасы тийкарында елимизде кейинги төрт жылда 46 мың 980 квартирадан ибарат 1 мың 103 көп қабатлы арзан турақ жай қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.
Атап айтқанда, усы жылы 4 мың 256 квартиралы көп қабатлы турақ жайлар қурылмақта. Бул қанша шаңарақлардың арзыў-ҳәўеслери әмелге асады, дегени.
Хорезм ўәлаятында да кем тәмийинленген шаңарақларға мөлшерленген турақ жайлардың қурылысы тийисли реже ҳәм бағдарламалар тйикарында әмелге асырылмақта. 2020-2021-жыллары ўәлаятта 300 квартиралы көп қабатлы турақ жайлардың қурылысы режелестирилген. Усы жылы 84 квартиралы 2 көп қабатлы турақ жай өз ийелерине тапсырылды.
Ҳәзирги ўақытта Үргенш қаласының Ханқа көшесинде 216 квартирадан ибарат 9 қабатлы 4 турақ жайдың қурылыс-монтажлаў жумыслары даўам етпекте. Бурын тасландық болған бул жерде қысқа ўақытта – төрт айда жаңа имаратлар бой тикледи. Қурылыс жумыслары жуўмақланса кейинги төрт жылда Хорезм ўәлаяты бойынша қурылған көп қабатлы турақ жайлар 31 ге, олардағы квартиралардың саны 1 мың 617 ге жетеди. Мине усы санның өзи ўәлаятта бир ғана тараўда әмелге асырылған үлкен өзгерислерге анық мысал.
Жайларды потенциаллы қурылыс – жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлер қурмақта. Атап айтқанда, жайлардан бирин қурып атырған «Шиддат монолит» жеке меншик кәрханасының жумыслары да дыққатқа ылайық. Кәрхана басшысы Темур Норбоевтың атап өтиўинше, квартиралар таяр ҳалында, ҳәмме шараятлары менен бирге тапсырылады. Қолайлы тәрепи, бул жайларды 7 процентлик жеңиллетилген ипотека кредити тийкарында, 20 жылда төлеў шәрти менен алыў мүмкин.
Бул жайлар монолит усылда, энергия үнемлеўши қурылыс материалларынан қурылмақта. Сыртқы бөлеги базальт қатлам менен қапланған, бул квартиралардың қыста ыссы, жазда салқын болыўын тәмийинлейди.
Бәҳәрде халық усы жайларға көшип кирип, аймақ заманагөй массивке айланады.
Мәмлекетимиз басшысы жайдың шоурумын кирип көрди. Мебельлер, инженерлик тармақларының сапасына итибар қаратты. Көп қабатлы турақ жайларға маман хызмет көрсетиўди жолға қойыў бойынша көрсетпе берилди.
– Көп қабатлы турақ жайларды басқарыўды жақсылаў керек. Ысытыў, канализация менен бирге өрт қәўипсизлигин де тәмийинлеў тийис. Алдын бул мәселеге итибар қаратылмаған. Бирақ бүгинги талап, шараяттан келип шығып, жаңа массивлерди қурыўда бул мәселелер есапқа алыныўы шәрт, – деди Президент.
Бул жерде әмелге асырылатуғын қурылыс жумыслары, соның ишинде, Үргенш қаласында жаңа турақ жайлар, «Binary» халықаралық университети ушын жаңа имарат қурыў, автомобиль жолларын оңлаў, көпир қурыў, коммуналлық хызметлерди жақсылаў бойынша жойбарлардың презентациясы өткерилди.
Соның менен Президент Шавкат Мирзиёевтиң Хорезм ўәлаятына сапары жуўмақланды.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Матназар ЭЛМУРОДОВ,
Аҳмаджон ШОКИРОВ,
ӨзАның хабаршылары
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги