Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан-Әзербайжан исбилерменлер кеңесиниң мәжилиси
2020-12-01 | Экономика
Өзбекстан Саўда-санаат палатасында Өзбекстан – Әзербайжан исбилерменлер кеңесиниң биринши мәжилиси видеоконференцбайланыс түринде шөлкемлестирилди.
Илажда Өзбекстан Саўда-санаат палатасының баслығы ҳәм исбилерменлер кеңесиниң жәрдемши баслығы А.Икромов елимиздеги өз-ара исеним ҳәм дослық принциплерине тийкарланған Өзбекстан – Әзербайжан қатнасықларын жоқары қәдирлейтуғынын атап өтти.
Ушырасыўда Өзбекстанның туризм, фармацевтика санааты ҳәм аўыл хожалығы тараўындағы жетискенликлери ҳаққында презентация көрсетилди.
Өз гезегинде, Әзербайжан тәрепи елимиздиң исбилерменлик орталығы ҳәм инвестициялық имканиятлары және Таўлы Қарабақтың экономикалық потенциалы ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўматларды усынды.
Мәжилисте тәреплер еки мәмлекет арасында әмелий ҳәм узақ мүддетли өз-ара бирге ислесиў илажларын, еллеримиздиң регионлары ҳәм ири қалалары арасында тиккелей экономикалық байланысларды кеңейтиў имканиятларын додалады. Туристлик ҳәм аўыл хожалығы тараўындағы бирге ислесиў перспективалары көрип шығылды.
Илажда ҳәр еки мәмлекетте де Өзбекстан Саўда-санаат палатасы ҳәм Әзербайжан исбилерменлери, миллий шөлкемлери конфедерациясының ўәкилханаларын ашыў бойынша пикир алысылды. Әмелге асырылып атырған жумыслар еллеримиздиң инвестициялық ҳәм саўда потенциалын кеңейтиў имканятын беретуғыны атап өтилди.
2020-жыл январьдағы жағдайға бола, Өзбекстанда Әзербайжан капиталының қатнасыўындағы 178 кәрхана жумыс алып бармақта. Соннан 63 и қоспа ҳәм 115и толық сырт ел капиталы тийкарындағы кәрханалар болып есапланады.
Усы жылдың тоғыз айында еллеримиз арасындағы өз-ара саўда айланысы 61,7 миллион АҚШ долларын қурады.
Илажда мәлимлеме технологиялары тараўындағы өз-ара байланысларды жеделлестириў зәрүрлигин есапқа алып, исбилерменлер кеңеси шеңберинде мәмлекетлеримиз арасында саўда көлемин арттырыў ушын электрон коммерциялық ҳәм онлайн платформаларды раўажландырыўға қаратылған биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў усыныс етилди.
Саидмурод РАҲИМОВ
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги