Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Исбилерменликти ҳәм хызметлер тараўын раўажландырыў бойынша тийкарғы ўазыйпалар белгиленди

2020-11-24 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 24-ноябрь күни аймақларда исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша көрилип атырған илажлардың нәтийжелилигин және хызметлер ҳәм сервис тараўын раўажландырыўға қаратылған тийкарғы ўазыйпаларды  додалаўға бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Бизге белгили, жылдың басында ҳәр бир ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкими халыққа мүрәжат етип,  исбилерменликти раўажландырыў бойынша анық режелерди белгилеп алған еди. Оларды әмелге асырыў мақсетинде, быйылғы қыйын сынақларға қарамастан, бизнести қоллап-қуўатлаў ушын жетерли ресурслар ажыратылып, барлық зәрүр шараятлар жаратылды.

Мәжилисте ҳәкимлер ҳәм сектор басшыларының тийкарғы ўазыйпасы ҳәм мойнына алған миннети – жаңа жумыс орынларын жаратып, мүтәж шаңарақларды «темир дәптер»ден шығарыў бағдарындағы жумыслардың нәтийжелилиги көрип шығылды.

Мәселен, Сырдәрья ўәлаятында 10 айда 12 мың турақлы жумыс орны жаратылған. Нәтийжеде «темир дәптер»ге киргизилген жумыссыз пуқаралардың дерлик 90 процентиниң бәнтлиги тәмийинленген.

Тап усындай, Қашқадәрья ўәлаятының Қаршы қаласы ҳәм Китаб районы, Наўайы ўәлаятының Қызылтепа, Үшқудық, Нәўбәҳәр районлары ҳәм Зарафшан қаласында көп жумыс орны жаратылғанлығы атап өтилди. Соның менен бирге, бул бағдарда жағдай қанаатландырарсыз болған районлардағы кемшиликлер көрсетип өтилди.

– Ҳәр бир аймақта исбилерменликти раўажландырыўдың үлкен ресурслары бар. Тек оны иске қосыў керек. Аймақтың басшылары ҳәр күни бул ҳаққында ойланыўы ҳәм излениўи зәрүр, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Усы жылы шаңарақлық исбелерменлик бағдарламалары шеңберинде улыўма 4 триллион сум ажыратыў белгиленген еди. Бирақ жыл даўамында қосымша қаржылар да бағдарланды, халық ҳәм исбилерменлерге улыўма 5,2 триллион сум жеңилликли кредитлер берилди.

Мәжилисте бул қаржылардың нәтийжелилиги талланды. Мысал ушын, Шават районында 26 миллиард сум шаңарақлық кредит ажыратылып, бир ярым мың жумыс орны жаратылған. Яғный, 1 миллиард сум кредитке 56 жаңа жумыс орны туўра келген.

Бул көрсеткиш Қўшрабатта 57, Музрабатта 49ды қураған.

Бүгинги күнде ибелерменлердиң дерлик 1 триллион сумлық жаңа жойбарлары ушын кредитлерге талабы бар екенлиги атап өтилди. Қаржы министрлигине жаңадан тартылған еврооблигация қаржыларынан 1 триллион сумды Ҳалық банки, «Микрокредитбанк» ҳәм «Агробанк»қа шаңарақлық исбилерменлик бағдарламалары ушын ресурс сыпатында жайластырыў ўазыйпасы қойылды.

Халық банкине ҳаял-қызлар исбилерменлиги ушын жойбарлар таярлап, оларға өз бизнесин жолға қойыўды үйретиў тапсырмасы берилди. Онда банк хызметкерлери ҳаяллар менен  қарыйдар, мәҳәлле, район кесиминде тиккелей ислесиўи зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

Исбилерменлик жумысы ушын жаратылған жеңилликлер нәтийжесинде 10 айда 78 мың кәрхана шөлкемлестирилген. Атап айтқанда, Ховос районындағы жаңа киши санаат зонасында 7 жойбар нәтийжесинде 500 жумыс орны жаратылған. Районда улыўма 170 жаңа кәрхана ашылған.

Ёзёван, Учтепа, Шофиркон ҳәм Бекабад районларында исбилерменликти  қоллап-қуўатлаў бойынша жумыслар сын көзқараста талланды. Эономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигине бундай орынларда исбилерменлерге ҳәр тәреплеме жәрдем бериў бойынша «бизнес-патронаж» системасын жолға қойыў тапсырылды.

Пандемия ўақтында ўақтынша ислемей турған 96 мың  кәрхана өз жумысын тиклегенлиги, қалған бизнес субъектлерине де бул бағдарда жәрдем бериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Аймақларда исбилерменликти жер мәселеси көп қыйнап атырғанлығы, бул бағдарда көплеген мүрәжатлар болып атырғанлығы көрсетип өтилди.

Мәжилисте орынларда инфраструктураны жақсылаў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Раўажланыўдан артта қалып атырған 22 район ушын инвестициялық бағдарлама шеңберинде 264 миллиард сум, басқа аймақлар ушын қосымша 736 миллиард сум бағдарланатуғынлығы атап өтилди.

Жумыс орынларын шөлкемлестириў, исбилерменлердиң машқалаларын шешиў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў бағдарында өзи боладылыққа жол қойған Бухара, Жандар ҳәм Сырдәрья районы ҳәкимлерин лаўазымынан азат етиў мәселеси қойылды.

Исбилерменликти раўажландырыў бойынша ҳәкимлердиң есабатын жергиликли кеңеслерде додалап, жумысына баҳа бериў, сондай-ақ, 2021-жыл ушын анық режелерди белгилеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Хызметлер экономиканың әҳмийетли бөлеги. Дүньяда сервис тараўының жалпы ишки өнимдеги үлеси орташа 61 процентти қурайды. Мәмлекетимизде бул көрсеткиш 36 процент болып есапланады. Бирақ 86 процент қосымша қун усы тараўда жаратылады.

Қарақалпақстан, Қашқадәрья, Наманган, Сурхандәрьяда халықтың жан басына хызметлердиң көлеми мәмлекетимиздеги орташа көрсеткиштен 2 есеге төмен.

Мәжилисте бул тараўда резервлер көп екенлиги атап өтилип, аймақларда хызметлер ҳәм сервис тараўын раўажландырыў келеси жылғы тийкарғы бағдар етип белгиленди.

Бәринен бурын, жол бойының инфраструктурасын жақсылаў арқалы 700 миллиард сумлық қосымша хызметлер жаратыў имканияты бар екенлиги атап өтилди. Соның ишинде, 150 ден аслам район ҳәм қаладан өтетуғын 10 мың километр жолда 400 ден аслам ири сервис объектлери ушын мүтәжлик бар.

Соннан келип шығып, жуўапкерлерге Ташкент- Әндижан, Ташкент-Термиз және Самарқанд – Нөкис халықаралық жоллар жағасында саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлерин шөлкемлестириў, жаңа жумыс орынларын көбейтиў бойынша тапсырмалар берилди.

Инвесторлардың қатнасында дем алыў бағлары және қыябанлардың бир бөлегинде жеңил конструкциялы саўда, улыўма аўқатланыў ҳәм кеўилашар объектлер шөлкемлестириў, билимлендириў, мәденият, спорт ҳәм денсаўлықты  сақлаў объектлериниң бос турған бөлегин исбилерменлерге бериў арқалы да көплеген хызметлерди жолға қойыў мүмкин.

Исбилерменлерди тартқан ҳалда спорт объектлерин қурыў ушын келеси жылы  500 миллиард сум кредит ажыратылатуғынлығы белгиленди.

Бүгинги күнде агросанаат тармағы избе-из раўажланып, заманагөй ыссыханалар, интенсив бағлар ҳәм шарўашылық хожалықлары ушын агроном, зоотехник, ветеринар, өсимликлерди қорғаў, туқым жетистириў бойынша қәнигелерге талап артып бармақта.

Сонлықтан тараўда заманагөй хызметлер көлемин кеңейтиў, сырт ел қәнигелерин тартыў, әмелий оқыў курсларын шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Транспорт тараўы хызметлерде ең жоқары үлеске ийе. Бул бағдарда халықтың ең көп наразылығына себеп болып атырған жәмийетлик транспорт бойынша Ташкент қаласында жаңа система енгизилмекте.

Транспорт министрлигине сырт ел экспертлерин тартқан ҳалда Нөкис қаласы, ўәлаятлар орайы ҳәм ири қалаларда да жәмийетлик транспорт системасын раўажландырыў бойынша тапсырма берилди.

Хызмет көрсетиў тараўын қоллап-қуўатлаў мәселесине де итибар қаратылды. Соның ишинде, хызметлер бойынша жыллық түсим 1 миллиард сумнан кем болған исбилерменлер ушын қосымша қун салығын шерек жуўмағы бойынша төлеў тәртиби даўам еттирилиўи мәлим етилди. Бул илаж 8 мыңнан аслам исбилерменде  бир шеректе 220 миллиард сум айланба қаржы қалатуғынлығына имканият береди.

Сондай-ақ, товар ҳәм хызметлерди экспорт еткен кәрханаларға қосымша қун салығы валюта түсимин күтпестен қайтарып бериледи. Бул қолайлықтың нәтийжесинде исбилерменлерде бир шеректе 200 миллиард сум айланба қаржы қалады. Жуўапкер министрликлерге бул бойынша тапсырмалар берилди.

Улыўма, ҳәр бир ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкими өз аймағында хызметлер тараўын раўажландырыў бағдарламасын дүзип, сөзсиз әмелге асырыў керек екенлиги белгиленди. Бул бағдарда үлги жойбарлар ислеп шығып, қаржыландырыўға жәрдем бериў ушын коммерциялық банклер аймақларға бириктирилди. Барлық районлар кесиминде анық ўазыйпаларды өз ишине алған ҳүкимет қарарын қабыл етиў ўазыйпасы қойылды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться