Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Президенти Арқа Экономикалық Бирге Ислесиў Халықаралық Форумында қатнасты
2020-10-30 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Корея Республикасы Президенти Мун Чже Инниң мирәт етиўине бола 30-октябрь күни Сеул қаласында видеоәнжуман түринде өткен Арқа экономикалық бирге ислесиў екинши халықаралық форумында қатнасты ҳәм шығып сөйледи.
Бул илаж Президент Мун Чже Инниң басламасы менен өткерилген болып, бул рет оның жумысында Қазақстан, Түркменстан ҳәм Монголия жетекшилери де қатнасқанын атап өтиў зәрүр.
Күн тәртибине муўапық, коронавирус инфекциясы глобал көлемде тарқалыўының унамсыз ақыбетлерине қарсы биргеликте гүресиў ҳәм ҳәрекетлерди жақыннан муўапықластырыў және көп тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери ҳәр тәреплеме көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы өз сөзинде дүнья жүзиндеги қурамалы жағдай ҳәм глобал кризис шараятында әне усындай көп тәреплеме қарым-қатнас жаңа қәўип-қәтерлерге нәтийжели қарсы турыў ушын имканият жаратып, мәмлекетлеримиздиң турақлылығы, абаданлығы ҳәм избе-из раўажланыўын тәмийинлеўге хызмет ететуғынын айрықша атап өтти.
Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Президенти халықаралық сиясаттың ең әҳмийетли тәреплери ҳәм регионалық бирге ислесиў перспективаларына тоқтап өтти.
Атап айтқанда, COVID-19ға қарсы гүресиў ушын тығыз муўапықласыў ҳәм кең халықаралық бирге ислесиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Әҳмийетли бағдарларда, соның ишинде, Корея компаниялары менен биргеликте шөлкемлестирилип атырған фармацевтика кластери негизинде нәтийжели вакцина ҳәм сывороткалар, кеселликлерди тез ҳәм анық емлеў системаларын ислеп шығыў бойынша биргеликтеги жумысларды даўам еттириў усынысы билдирилди.
Буннан тысқары, заманагөй лабораториялар жаратыў ҳәм шегаралардағы санитария қадағалаў пунктлерин модернизациялаў, жоқары маманлықтағы врачларды таярлаў, медициналық шығындыларды утилизациялаў кәрханаларын шөлкемлестириў, регионда эпидемиологиялық жағдайды мониторинг етиў ҳәм өз ўақтында прогнозластырыўдың интеграцияласқан системасын енгизиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы Корея Республикасын мәмлекетимизге санлы ҳәм «жасыл» технологияларды келтириўде тийкарғы шериклерден бири деп билетуғынын айрықша атап өтти.
Өзбекстан келеси жылы Сеул қаласында болып өтетуғын «Жасыл» раўажланыў ҳәм 2030-жылға шекем глобал мақсетлер ушын шериклик халықаралық саммитинде белсене қатнасатуғынлығы мәлим етилди.
Нәтийжели регионаллық транспорт жолларын раўажландырыў айрықша үлкен әҳмийетке ийе екенлигин атап өтти. Бул бағдарда сөз етилгенде, бәринен бурын, Транссибирь магистралы ҳәм «Батыс Европа – Батыс Қытай» жолы маршрутларын регионымызда жаңа темир жоллар қурыў жойбарлары менен өз-ара байланыстырыў зәрүр екенлигин атап өтиў тийис.
Усы мүнәсибет пенен мәмлекетимиздиң басшысы бул айрықша жойбарларды әмелге асырыў мәселесин экспертлер дәрежесинде көрип шығыўды баслаў усынысын алға қойды.
«Орайлық Азия – Корея Республикасы» форумы шеңберинде өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды. Усы формат шеңбериндеги шерикликти жаңа, және де жоқары басқышқа алып шығыў және форум мәжилисин ҳүкимет басшыларының қатнасыўында өткериўге объектив зәрүрлик сезилип атырғанлығы атап өтилди.
Президент Шавкат Мирзиёев Президент Мун Чже Инниң Корея ярыматаўындағы беккем тынышлыққа ерисиў бағдарындағы жедел ҳәрекетлерин регионаллық ҳәм глобал қәўипсизлкти тәмийинлеўге әҳмийетли үлес сыпатында қоллап-қуўатлайтуғынын айрықша атап өтти.
Кең тәжирийбе алмасыў мақсетинде Ядролық қуралсызланыў, ядролық қуралдан жырақ аймақлар жаратыў мәселелери бойынша халықаралық экспертлик форумды өткериў усыныс етилди.
Сөзин жуўмақлап, мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан ҳәм Қубла Корея айрықша әҳмийетке ийе, исенимли стратегиялық шериклер екенин, қатнасықларымыз бир неше мың жыллық тарийхқа ийе екенлигин атап өтти. Бул форум мәмлекетлеримиздиң узақ мүддетли ҳәм көп-қырлы бирге ислесиўин пүткил регионның тынышлығы ҳәм раўажланыўы жолында раўажландырыў ушын жаңа перспективалар ашып беретуғынына исеним билдирди.
Сондай-ақ, илаж бағдарламасына муўапық форумда Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев ҳәм Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов шығып сөйледи, Монголия Президенти Халтмаагийн Баттулғаның мүрәжаты оқып еситтирилди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги